Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында дипломатиялық қатнасықлар 1992-жыл 23-ноябрьде орнатылған. Бирақ, еки тәреплеме байланыслардың бүгинги динамикасы дипломатиялық қатнасықлардың көп ўақыт даўам етиўи менен емес, ал сиясий сөйлесиўдиң жоқары жеделлиги менен характерленеди. Соңғы 10 жылда еки мәмлекет жетекшилериниң бир қатар өз-ара мәмлекетлик сапарлары, соның ишинде, Өзбекстан Президентиниң 2017, 2021 ҳәм 2024-жылларда Қазақстанға, Қазақстан Президентиниң 2019, 2022 ҳәм 2025-жылларда Өзбекстанға мәмлекетлик сапарлары әмелге асырылды. Соның менен бир қатарда, 2023-жылдан баслап мәмлекет басшыларының рәсмий емес ушырасыўлары ҳәм әмелий сапарлары өткерилмекте.

Сиясий бирге ислесиў еки тәреплеме күн тәртибинен тысқары шығады. Қазақстан Өзбекстанның БМШ, ШБШ, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары ҳәм "Орайлық Азия+" форматлары шеңбериндеги басламаларын турақлы қоллап-қуўатлап келмекте. Санаат кооперациясы, энергетика ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги, климат өзгериўине қарсы гүресиў, туризм, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект, кадрлар таярлаў тийкарғы бағдарлар қатарына киреди.

Бул көп қырлы бирге ислесиў механизмлери системасы еки тәреплеме шериклик тек ғана мәмлекет басшылары дәрежесинде раўажланып атырғанын көрсетпекте. Ол сиясий қарарлар, ҳүкиметлераралық комиссиялар, жумысшы топарлар ҳәм аймақлардың өз-ара бирге ислесиўине шекем турақлы әмелге асырыў вертикалына ийе. Әне усындай институционаллық архитектура сиясий келисимлерди анық жойбарлар ҳәм әмелий нәтийжелерге айландырыў имканиятын береди.

Қазақстан Өзбекстанның ең ири сыртқы саўда шериклери үшлигине киреди ҳәм елимиздиң Орайлық Азия мәмлекетлери менен сыртқы саўдасының 57 проценти Қазақстан үлесине туўра келеди. Өз гезегинде, 2025-жылы Қазақстанның регионаллық товар айланысында Өзбекстанның үлеси 55,8 процентти қурады. Бул көрсеткишлер еки тәреплеме экономикалық байланыслар тек ғана 2 мәмлекет ушын емес, ал пүткил регионаллық экономика ушын да системалы әҳмийетке ийе екенлигин көрсетеди.

Экономикалық бирге ислесиўдиң структурасы барған сайын диверсификацияланған характерге ийе болмақта. Өзбекстан экспортының тийкарғы бағдарлары қатарында транспорт қураллары ҳәм аўысық бөлеклер, механикалық үскенелер, азық-аўқат ҳәм санаат товарлары, тоқымашылық ҳәм химия өнимлери, қара металлар, ишимликлер ҳәм темеки бар. Қазақстан Өзбекстанға дән ҳәм ун-жарма санааты өнимлери, қара металлар, азық-аўқат товарлары, минерал жанылғы ҳәм электр энергиясы, рудалар, химия өнимлерин жеткерип береди.

Әпиўайы саўдадан санаат кооперациясына өтиў және де әҳмийетли. Биргеликтеги жойбарлар ҳәм импорттың орнын басыўды мониторинг етиў мақсетинде 2022-жылы дүзилген Ҳүкиметлераралық жумысшы топар энергетика, химия санааты, транспорт, машина қурылысы, жеңил санаат, аўыл хожалығы, электротехника тармағы, инфраструктура ҳәм фармацевтика тараўларында бирге ислесиў мәселелери менен шуғылланады.

Бул процессте ҳүкиметлераралық ҳәм аймақлараралық механизмлер - Ҳүкиметлераралық комиссия, Аймақлараралық бирге ислесиў форумы, Исбилерменлер кеңеси әҳмийетли роль атқармақта. Онда экономикалық байланыслардың буннан былай да раўажланыўын тек ғана орайлық ҳүкиметлер дәрежесинде емес, ал жаңадан шөлкемлестирилген Аймақлар басшылары кеңеси арқалы да тәмийинлеў нәзерде тутылмақта. Усы мәниде, еки тәреплеме шериклик барған сайын бир-бирин толықтырып бармақта: оның турақлылығы енди 1 бағдар менен емес, ал саўда, өндирис ҳәм инвестициялық байланыслардың жыйынтығы менен белгиленбекте.

Усы көзқарастан, болажақ сапар айрықша әҳмийетке ийе. Ол еки мәмлекет арасындағы сиясий қатнасықлар әллеқашан беккем аўқамласлық тийкарына ийе болып, экономикалық бирге ислесиў жоқары пәтлерди көрсетип атырған шараятта өтпекте. Бул күн тәртибиниң гезектеги тәбийғый өлшеми жаңа технологиялар, санластырыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўдиң инновациялық форматлары болып есапланады - Астанада "Келешек ойынлары" халықаралық мултиспорт турнириниң өткерилиўи мине усы контекстке туўра келеди.

2026-жылы жарысты өткериў майданшасы Астана қаласы болды. Турнир 29-июльден 9-августқа шекем болып өтеди ҳәм биринши жарысы 2024-жылы Қазанда, екиншиси болса 2025-жылы Абу-Дабиде өткерилген халықаралық жойбарды раўажландырыўдың үшинши басқышы болады.

"Келешек ойынлары" - бул физикалық спорт ҳәм санлы технологияларды өзинде жәмлеген жаңа форматтағы жарыс болып есапланады. Қатнасыўшылар бир ўақыттың өзинде физикалық ҳәм виртуал мәканда өз-ара беллеседи ҳәм 2 басқыш нәтийжелери бирлестирилип, жеңимпазлар анықланады. Солай етип, турнир санлы трансформация шараятында спорт индустриясының раўажланыўы ҳәм халықаралық жарыслардың жаңа форматларының қәлиплесиўин сәўлелендиреди.

Болып өтетуғын турнирдиң көлеми оның халықаралық әҳмийетин көрсетеди. Жарыста 50 ден аслам мәмлекеттен 900 ге шамалас спортшы қатнасады, күтилип атырған тамашагөйлер саны болса 100 мыңнан артады. Жарыс бағдарламасына 8 бағдар киргизилген: фижитал-футбол, фижитал-баскетбол, фижитал-шоотер, фижитал-жеке гүрес, фижитал-рақс, «MOBA Mobile», «MOBA PC» ҳәм корольлық саўашы.

Өзбекстан Президентиниң Қазақстанға болажақ сапары турнирдиң ашылыў мәресиминде қатнасыў шеңберинен шығып кетеди. Ол Орайлық Азияда сиясий исеним, экономикалық интеграция, технологиялық бирге ислесиў ҳәм инновациялық халықаралық басламаларды биргеликте алға қойыўға тийкарланған регионаллық бирге ислесиўдиң жаңа моделин қәлиплестириўдиң кеңирек тенденциясын сәўлелендиреди. Усы мәниде, "Келешек ойынлары" тек ғана спорт илажына емес, ал аймақтың раўажланыўдың жаңа күн тәртибине өтиў белгиси сыпатында да көзге тасланбақта.

 

"Дунё" МА.