Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы қатнасықлар жақсы қоңсышылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм стратегиялық шериклик принциплери тийкарында избе-из раўажланып бармақта. Еки мәмлекет халықларының тарийхый, мәдений ҳәм руўхый жақынлығы мәмлекетлераралық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў ушын беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Еки мәмлекет арасында дипломатиялық қатнасықлар 1992-жыл 22-октябрьде орнатылған. Соннан берли мәмлекетлераралық сөйлесиў избе-из раўажланып, кейинги жылларда айрықша пәт ҳәм көп қырлылыққа ийе болды.

Жоқары дәрежедеги турақлы сиясий сөйлесиў Өзбекстан - Тәжикстан бирге ислесиўин беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейди. Кейинги жыллары еки мәмлекет жетекшилериниң бир қатар өз-ара сапарлары болып өтти, олар стратегиялық шерикликти раўажландырыў ҳәм әҳмийетли бағдарларда бирге ислесиўди кеңейтиўге күшли пәт бағышлады.

Атап айтқанда, 2018-жыл март айында Өзбекстан Президентиниң Душанбеге мәмлекетлик сапары, усы жылдың август айында болса Тәжикстан Президентиниң жуўап сапары әмелге асырылды. 2021-жыл июнь айында Өзбекстан басшысы әмелий сапар менен Тәжикстанда болды, 2022-жыл июнь айында болса Тәжикстан Президенти рәсмий сапар менен Өзбекстанда болды. Өзбекстан Президентиниң 2024-жыл 18-19-апрель күнлери Тәжикстанға мәмлекетлик сапары еки тәреплеме сөйлесиўди раўажландырыўдың гезектеги әҳмийетли басқышы болды.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы сиясий сөйлесиў жоқары динамикаға ийе болып, жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер менен ажыралып турады.

Еки мәмлекет жетекшилери тек ғана еки тәреплеме емес, ал халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңберинде де жедел бирге ислесип келмекте. Соның ишинде, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлери 2025-жыл 16-ноябрь күни Ташкентте болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўында, 2025-жыл 9-10-октябрь күнлери Душанбе қаласында болып өткен ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисинде ҳәм 2025-жыл 22-декабрь күни Санкт-Петербург қаласында болып өткен ҒМДА мәмлекетлери жетекшилериниң рәсмий емес ушырасыўында қатнасты.

"Орайлық Азия +" форматлары шеңберинде де жедел бирге ислесиў әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, еки мәмлекет басшылары 2025-жыл 3-4-апрель күнлери Самарқандта болып өткен "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" ҳәм 2025-жыл 9-10-октябрь күнлери Душанбе қаласында болып өткен "Орайлық Азия - Россия" саммитлеринде қатнасты.

2025-жыл 31-март күни Хоженд қаласында Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан жетекшилериниң үш тәреплеме ушырасыўы регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўда әҳмийетли ўақыя болды. Сөйлесиўлер жуўмағында үш мәмлекет мәмлекет шегараларының тутасқан жери ҳаққындағы тарийхый шәртнамаға қол қойылды, сондай-ақ, мәмлекетлердиң жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеў, өз-ара исеним ҳәм регионның турақлы раўажланыўы жолындағы умтылысын беккемлейтуғын Биргеликтеги декларация қабыл етилди.

Ерисилген келисимлер көп жыллық шегара мәселелерин шешиў, Орайлық Азияда турақлылық ҳәм шерикликти беккемлеўде әҳмийетли қәдем болды. Экспертлердиң пикиринше, бул қарарлар регионның тынышлығы, қәўипсизлиги ҳәм халықаралық абырайының артыўына хызмет етеди. Тәреплер әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, саўда, транспорт, санаат, "жасыл" енергетика, суў ресурслары ҳәм экология тараўларын раўажландырыў, шегараалды аймақлар ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеў бағдарындағы умтылыслары исенимли екенин тастыйықлады.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан халықаралық майданда жедел бирге ислесип, жетекши халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, соның ишинде, БМШ, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, ҒМДА, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми, Аралды қутқарыў халықаралық қоры шеңберинде бир-бириниң басламаларын қоллап-қуўатлап келмекте.

БМШ шеңберинде Тәжикстан ҳәм Өзбекстан еки ҳәм көп тәреплеме дәрежеде тығыз бирге ислесип келмекте. Тәжикстан Өзбекстанның басламасы менен тынышлық, турақлы раўажланыў, регионаллық бирге ислесиў, диний кеңпейиллик, туризм ҳәм экологияны беккемлеўге қаратылған бир қатар резолюциялардың жәрдемши авторы. Өз гезегинде, Өзбекстан Тәжикстанның әҳмийетли басламаларын қоллап-қуўатлады.

Өзбекстан - Тәжикстан бирге ислесиўиниң әҳмийетли бағдары сиясий сөйлесиўди беккемлеўге хызмет ететуғын, ерисилген келисимлердиң нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлейтуғын парламентлераралық ҳәм уйымлараралық байланысларды раўажландырыў болып есапланады.

Кейинги жылларда еки мәмлекет парламентлери арасындағы байланыслар сезилерли дәрежеде жеделлескени бақланбақта. Өзбекстан ўәкиллериниң Тәжикстандағы парламентлик ҳәм президентлик сайлаўларда ҒМДА ҳәм ШБШ миссиялары қурамында халықаралық бақлаўшы сыпатында қатнасқаны исеним ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўдың жоқары дәрежесинен дәрек береди. Парламент делегацияларының өз-ара сапарлары турақлылыққа ийе болды.

Парламенттеги дослық топарлары шеңбериндеги байланыслар жедел раўажланбақта. 2025-жылы дослық топарлары жәрдемши баслықларының ушырасыўлары ҳәм парламентлер администрациясы дәрежесинде сөйлесиўлер өткерилди, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң тийисли комитетлери ҳәм комиссиялары арасында бир қатар онлайн мәсләҳәтлесиўлер өткерилди.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў еки тәреплеме байланыслардың әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады. Экономикалық қатнасықлардың тийкарын 1996-жылы қол қойылған Еркин саўда ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисим, сондай-ақ, 2002-жылдан берли жумыс алып барып атырған Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан - Тәжикстан ҳүкиметлераралық комиссиясының жумысы қурайды.

Кейинги жылларда өз-ара саўданың турақлы унамлы пәти бақланбақта. 2025-жылдың жуўмағы бойынша еки мәмлекет арасындағы товар алмасыўдың көлеми 912,3 миллион долларды қурап, өткен жылға салыстырғанда 30 процентке артты. Онда Өзбекстаннан экспорт 683 миллион долларды, Тәжикстаннан импорт 229,3 миллион долларды қураған.

Еки тәреплеме саўда структурасы ҳәр түрлилиги менен ажыралып турады. Өзбекстан экспортының тийкарғы бағдарлары санаат товарлары, хызметлер, машина ҳәм транспорт үскенелери, химия өнимлери, минерал жанылғылар болып есапланады. Тәжикстаннан импорт қурамында азық-аўқат емес шийки зат, жанылғы-энергетика ресурслары, машина ҳәм үскенелер, азық-аўқат өнимлери үстинлик етеди.

Инвестициялық бирге ислесиў де раўажланбақта. Бүгинги күнде Өзбекстан аймағында Тәжикстан капиталының қатнасыўында 343 кәрхана, соның ишинде, қоспа кәрханалар ҳәм 100 процент сырт ел капиталының қатнасыўындағы кәрханалар жумыс алып бармақта. Тәжикстанда Өзбекстан резидентлериниң қатнасыўында саўда, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, азық-аўқат санааты, транспорт ҳәм басқа да хызметлер тараўында жумыс алып барып атырған 71 компания жумыс алып бармақта.

Өз-ара инвестициялар көлеми де сезилерли дәрежеде артты. Мәселен, 2025-жылы Тәжикстан менен бирге ислесиў шеңберинде 427 миллион доллардан аслам сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери өзлестирилди, бул алдынғы дәўир көрсеткишлеринен дерлик үш есеге көп.

Транспорт инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм логистика байланысларын кеңейтиў Өзбекстан - Тәжикстан бирге ислесиўиниң әҳмийетли бағдары болып есапланады. Бул тараўдағы бирге ислесиў экономикалық байланысларды беккемлеў, саўда көлемин арттырыў ҳәм регионның транзит потенциалын раўажландырыўға хызмет етпекте.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан темир жол ҳәм автомобиль ҳәкимшиликлериниң бирге ислесиўи халықаралық транспорт шөлкемлери арқалы алып барылмақта. 2022-жыл июнь айынан Душанбе - Ташкент темир жол қатнаўы тикленди. 2025-жылы халықаралық жүк тасыў көлеми 9,9 миллион тоннаны қурап, өткен жылға салыстырғанда 12,7 процентке артқан. 2018-жылғы ҳүкиметлераралық келисим автомобилде жолаўшы ҳәм жүк тасыўды кеңейтиўге хызмет етти. Ҳәзирги күнде "Ташкент - Хоженд", "Қоқанд - Шайдан", "Душанбе - Термиз", "Ташкент - Душанбе", "Самарқанд - Панжикент" ҳәм "Душанбе - Денов" турақлы автобус жөнелислери жолға қойылған.

Авиақатнаўлар тараўындағы бирге ислесиў де жедел раўажланбақта. Ҳәзирги ўақытта еки мәмлекет арасында «Uzbekistan Airways», «Centrum Air» ҳәм «Somon Air» авиакомпаниялары тәрепинен ҳәптесине 10 ға шекем турақлы рейслер әмелге асырылмақта. 2025-жылы еки мәмлекет авиакомпаниялары тәрепинен 133 мыңнан аслам жолаўшы тасылған, бул өткен жылға салыстырғанда 24 процентке көп.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы еки тәреплеме қатнасықлар структурасында энергетика тараўындағы бирге ислесиў әҳмийетли орын ийелейди. Тәреплер суў-энергетика ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм энергия ресурсларын жеткерип бериў тараўындағы бирге ислесиўди избе-из раўажландырмақта.

Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў Өзбекстан - Тәжикстан қатнасықларында айрықша орын ийелеп, халықларымыз арасында дослық ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеўде әҳмийетли фактор болмақта.

Кейинги жылларда мәдений-ағартыўшылық ҳәм илимий алмасыўлар сезилерли дәрежеде жеделлести. Мәдениятлараралық қарым-қатнасты кеңейтиў ҳәм улыўма тарийхый-мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаўға хызмет етип атырған кино күнлери, мәденият форумлары, конференциялар, театрлардың гастроллары ҳәм биргеликтеги мәдений илажлар турақлы өткерилмекте.

Мәселен, ҳәр қыйлы жылларда Тәжикстанда Өзбекстан кино күнлери ҳәм Өзбекстанда Тәжикстан кино күнлери, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң дөретиўши зыялылары қатнасыўында мәдений илажлар шөлкемлестирилген. Тәжикстан делегациялары Өзбекстанда өткерилип атырған халықаралық мәденият фестиваллары, соның ишинде, бақсышылық көркем өнери фестиваллары, "Шарқ тароналари", халықаралық халық дөретиўшилиги әнжуманларында турақлы қатнасып келмекте.

Билимлендириў ҳәм илим тараўындағы бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе. Илимий-әмелий конференциялар, илимпазлар ҳәм академиялық топарлардың ўәкиллериниң ушырасыўлары өткерилмекте. Социаллық объектлердиң қурылысы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли белгиси болды. Атап айтқанда, Өзбекстан тәрепинен Тәжикстанның Соғд ўәлаятында мектеп қурылды, Қубодиён районында медицина инфраструктурасын жаратыў бойынша жойбарлар әмелге асырылып, емлеўхана ҳәм поликлиникалар қурылды.

Жаслар арасындағы байланысларды раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Еки мәмлекет жаслары арасында өз-ара түсинисиўди беккемлеўге қаратылған жаслар форумлары, экологиялық дем алыслар ҳәм ағартыўшылық илажлар шөлкемлестирилмекте.

Мәдений-гуманитарлық байланыслардың раўажланыўында Өзбекстандағы тәжик диаспорасы әҳмийетли орын ийелейди. Елимизде тәжик тилинде миллий мәдений орайлар, билимлендириў мәкемелери ҳәм ғалаба хабар қураллары жумыс алып бармақта.

Атап айтқанда, Өзбекстанда 253 мектепте тәжик тилинде билимлендириў алып барылмақта, бир қатар жоқары оқыў орынларында тәжик тилинде оқытыўшы топарлар шөлкемлестирилген. Буннан тысқары, тәжик тилинде баспа басылымлар басып шығарылмақта, теле ҳәм радиодәстүрлер эфирге берилмекте, бул болса миллий мәденият ҳәм дәстүрлердиң сақланып қалыныўына хызмет етпекте.

Бүгинги күнде Өзбекстан - Тәжикстан қатнасықлары турақлы раўажланыў пәтин көрсетпекте ҳәм өз-ара бирге ислесиўдиң сиясий сөйлесиў ҳәм экономикалық бирге ислесиўден баслап мәдений-гуманитарлық алмасыўларға шекемги кең көлемли бағдарларын қамтып алған.

Жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер, халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги жедел бирге ислесиў, өз-ара саўданың өсиўи ҳәм биргеликтеги инфраструктуралық жойбарлардың раўажланып атырғаны еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шерикликтиң жоқары дәрежесинен дәрек береди.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан халықларының тарийхый ҳәм мәдений жақынлығы, тәреплердиң өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм бир-бириниң мәплерин есапқа алыў тийкарында бирге ислесиўди және де тереңлестириўге умтылысы еки тәреплеме байланысларды беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейди.

Жоқары дәрежедеги гезектеги Өзбекстан-Тәжикстан саммити тек ғана еки мәмлекеттиң емес, ал улыўма Орайлық Азия регионында турақлылықты, қәўипсизликти ҳәм избе-из раўажланыўды беккемлеўге хызмет ететуғынына гүман жоқ.

"Дунё" МА.