Central Asian Expo Uzbekistan (CAEx) халықаралық көргизбе орайында 26-март күни Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның Өзбекстанға мәмлекетлик сапарына бағышланған Өзбекстан-Тәжикстан биргеликтеги көргизбениң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Экспозиция 1300 квадрат метр майданда жайылып, еки мәмлекеттиң санаат потенциалын көрсетиў ушын әҳмийетли майданға айланды. Өзбекстан тәрепинен тоқымашылық ҳәм электротехникадан баслап фармацевтика ҳәм автомобиль қурылысына шекемги 15 тармақта жумыс алып барып атырған 180 нен аслам компания қатнасты. Олар тәрепинен 450 ден аслам түрдеги өнимлер таныстырылды. Тәжикстан көргизбесине экономиканың 10 тармағынан 30 дан аслам компания киргизилген болып, олар 200 ге шамалас өним түрлерин усынды.
Шөлкемлестириўшилер көргизбениң тек ғана көргизбели емес, ал әмелий характерге ийе екенлигин атап өтти. Оның пүткил жумыс дәўири даўамында исбилермен топарлар ҳәм тармақ бирлеспелериниң 500 ден аслам ўәкили қатнасты.
Өзбекистан пиллекешлериниң, соның ишинде, «Sapfir Sanoat» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң өнимлери көрсетилген стенд тәжикстанлы исбилерменлерде үлкен қызығыўшылық оятты. Әндижан ўәлаятында жайласқан «Узбекипаксаноат» ассоциациясының қурамына киретуғын кәрхана жипек ҳәм оннан таярланатуғын өнимлерди ислеп шығарыў менен шуғылланатуғын шөлкемлер комплексинен ибарат. Компания ўәкиллериниң атап өтиўинше, өндиристи шөлкемлестириў ҳәм басқарыўдың заманагөй усыллары, жоқары нәтийжели үскенелер ҳәм маман кадрлар есабынан экспорт жумысы жолға қойылған. Бүгинги күнде ислеп шығарылып атырған өнимлердиң 99 проценти Қытай, Сингапур ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлерге жеткерип берилмекте. Соған қарамастан, көргизбе даўамында исбилерменлик байланысларын жолға қойыў мақсетинде Тәжикстан исбилермен топарларының усыныслары жоқары қызығыўшылық пенен үйренилмекте.
Өзбекстанлы исбилерменлер мийманлар усынған өнимлердиң үлгилерин белсене үйренди, Тәжикстанның технологиялық жетискенликлери менен танысты. "Авесто Гроуп" ЖШЖ стенди де усылар қатарына киреди.
- Биз экономиканың ҳәр қыйлы тараўлары: машина қурылысы, азық-аўқат санааты, санаат өнимлерин ислеп шығарыў, таў-кән санааты, агросанаат комплекси, қаржы хызметлери, логистика сыяқлы тараўларда бир қатар әҳмийетли жойбарларды әмелге асырып атырған көп тармақлы компания болып есапланамыз, - деди "Авесто Гроуп" ЖШЖ ўәкили Алишер Нуров. - Бул көргизбеде, бәринен бурын, азық-аўқат өнимлеримиз, атап айтқанда, қарамал ҳәм қус гөшинен таярланған өнимлеримиз, шербетлер, кондитер өнимлерин көрсетип атырмыз. Өзбекстанда шериклер табыў ҳәм өз-ара пайдалы исбилерменлик байланысларын жолға қойыўға үмит етемиз.
Бағдарлама исбилерменлик илажларына бай болып, В2В ҳәм G2В форматында ушырасыўлар, экспорт потенциалының презентациялары, анық саўда шәртнамалары ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиў келисимлерин дүзиўге қаратылған сөйлесиўлер өткерилди.
Солай етип, көргизбе Өзбекстан-Тәжикстан бирге ислесиўин раўажландырыўда әҳмийетли ўақыя болды. Ол тәреплердиң санаат потенциалы артып баратырғанын көрсетип ғана қоймастан, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан экономикалық бирге ислесиўди және де тереңлестириў, саўданы кеңейтиў ҳәм еки тәреплеме исбилерменлик байланысларын беккемлеўге таяр екенин тастыйықлады.
Алексей Чукарин
"Правда Востока".