Ушырасыўда еки мәмлекеттиң аграр тараўдағы бирге ислесиўиниң бүгинги жағдайы ҳәр тәреплеме талланып, оны жаңа басқышқа алып шығыў жоллары додаланды. Тәреплер өз-ара пайдалы жойбарларды кеңейтиў ҳәм әмелий бирге ислесиўди беккемлеў бойынша пикир алысты.

Шегара аймақларында аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Соның ишинде, мийўе-овош, ғәлле, собықлы ҳәм майлы егинлерди қайта ислеў, туқымгершиликтиң заманагөй системаларын енгизиў, илимий қолланбаларды әмелиятқа кеңнен қолланыў бойынша перспективалы басламалар көрип шығылды.

Сондай-ақ, тәреплер биргеликте тәжирийбе алмасыў, илимий бирге ислесиўди беккемлеў, алдыңғы технологияларды енгизиў арқалы өндирис нәтийжелилигин арттырыў бойынша келисимлерге еристи.