Сапар даўамында делегация
жойбарлардың орынланыўы, қурылыс-монтажлаў жумысларының барысы, зәрүр
инфраструктуралардың жаратылыўы ҳәм болажақ станцияны қурыўдың тийкарғы
басқышлары менен танысты.
Сондай-ақ, тәреплер атом электр станцияларын жаратыўда
Беларусь тәжирийбесинен пайдаланыў, соның ишинде, Өзбекстанда АЭСти
жойбарластырыў, қурыў ҳәм кейин ала эксплуатациялаў басқышларында эксперт
жәрдемин көрсетиў мәселелерин додалады.
Атом санааты ушын маман қәнигелер таярлаў, әмелий
тәжирийбе алмасыў ҳәм еки мәмлекеттиң қәнигелескен билимлендириў мәкемелери
арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.