Тәреплер Өзбекстан ҳәм Гонконг арасындағы инвестициялық бирге ислесиўди
кеңейтиў перспективаларын, қаржы ҳәм ҳуқық тараўларындағы бирге ислесиўди
буннан былай да раўажландырыў имканиятларын додалады.
Ташкент халықаралық финанс орайының ролин арттырыў, соның ишинде,
халықаралық финанслық инфраструктураны қәлиплестириўде Гонконг тәжирийбеси ҳәм
экспертлик потенциалынан пайдаланыў, Гонконгтың жетекши финанслық,
инвестициялық ҳәм юридикалық компанияларын тартыў мәселелерине айрықша итибар
қаратылды.
Күн тәртибинен
Инвестицияларды хошаметлеў ҳәм қорғаў ҳаққындағы келисимди (BIT) және
инвестиция ҳәм қаржы тараўларындағы бир қатар басқа да келисимлерди таярлаў
мәселелери әҳмийетли орын ийеледи. Олардың орынланыўы инвесторлар ушын қосымша
кепилликлерди қәлиплестириў, бизнес жүргизиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм
өз-ара инвестицияларды кеңейтиўге қаратылған.