Онда Транспорт ҳәм логистиканы раўажландырыў машқалаларын үйрениў орайының директоры Бекзод Холматов, Сыртқы ислер министрлиги, Өзбекстан халықаралық автомобиль тасыўшылары ассоциациясының ўәкиллери, сондай-ақ, миллий тасыўшылар ҳәм транспорт-экспедиторлық компаниялардың басшылары қатнасты.

Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер халықаралық тасыўшылар ушын шараятларды жетилистириў ҳәм транспорт жөнелислериниң нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы әҳмийетли мәселелерди додалады.

Атап айтқанда, айдаўшылар ушын визаларды электрон рәсмийлестириў, төлемлерди оптималластырыў, "Фараб–Алат" өткериў пунктинде тәртип-қағыйдаларды жетилистириў, шегарадан өтиўде гезек ҳәм күтиў ўақытларын қысқартыў мәселелери көрип шығылды.

Тез бузылатуғын жүклерди тасыў ушын өз алдына коридор жаратыў, нейтрал аймақта екинши көпир қурыў, Түркменбашы порты арқалы автомобиль ҳәм темир жол тасыўларын көбейтиў, ҳәзирги салмақ ҳәм өлшем шеклеўлерин қайта көрип шығыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Буннан тысқары, ушырасыў қатнасыўшылары Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы тиккелей авиақатнаўларды тиклеў мәселесин додалады.

Түркменстан тәрепи билдирилген усынысларды көрип шығыў ҳәм тийисли мәмлекетлик уйымларға жеткериўге таяр екенин билдирди.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасында транспорт-логистика байланысларын буннан былай да раўажландырыў, сондай-ақ, тасыўшылар ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм өз-ара жүк ағымларын кеңейтиў мақсетинде белгиленген бағдарларда бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды.