Илаж Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети, Жаслар ислери агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте шөлкемлестирилмекте.

Съезд жумысында Беларусь, Әзербайжан, Қырғызстан, Қазақстан, Тәжикстан, Түркия, Түркменстан, Россия, сондай-ақ, Өзбекстанның барлық аймақларынан жаслардың ўәкиллери қатнасады.

Илаж шеңберинде экологиялық акциялар, плоггинг, таңлаўлар, жарыслар, презентациялар, көргизбелер, ушырасыўлар ҳәм пикирлесиўлер өткерилиўи режелестирилген. Сондай-ақ, қатнасыўшылар тәбиятты қорғаў тараўында өзлериниң жойбарлары ҳәм басламаларын усынады.

Съезд бағдарламасынан "Ең жақсы экологиялық жойбар", "Жас экологлар ҳәрекетиниң ең жақсы кеңеси" таңлаўлары, "Эко-заковат" халықаралық жарыслары, "Кеўилли ҳәм тапқырлар клубы" ҳәм басқа да илажлар орын алған.

Халықаралық экологиялық съезддиң өткерилиўи жаслардың қоршаған орталықты қорғаў ҳәм турақлы раўажланыў тараўындағы белсендилигин арттырыў, экологиялық басламаларды қоллап-қуўатлаў, әҳмийетли экологиялық машқалаларды шешиў бойынша усынысларды қәлиплестириўге қаратылған.