Жойбар Контент таярлаў орайы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Туризм комитети менен биргеликте туризм тараўын раўажландырыў, мәмлекетимиздиң халықаралық имиджин беккемлеў ҳәм миллий туризмди заманагөй медиа жойбарлар арқалы үгит-нәсиятлаўды нәзерде тутатуғын Президент қарары шеңберинде әмелге асырылмақта.

Фильм дөретиўшилери өз алдына Қазақстан аудиториясын Ташкенттиң тарийхый ҳәм заманагөй көриниси, архитектуралық естеликлери, мәдений дыққатқа ылайық орынлары, миллий тағамлары, миймандослық дәстүрлери ҳәм раўажланған туризм инфраструктурасы менен таныстырыў ўазыйпасын қоймақта.

Жойбар Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў, сондай-ақ, еки мәмлекет арасындағы мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыўға хызмет етеди.

Фильм Қазақстан халқының Өзбекстанға саяхат етиўге қызығыўшылығын арттырыў, жаңа туристлик бағдарларды алға қойыў ҳәм өз-ара туристлик ағымды көбейтиўге хызмет етиўи күтилмекте.

Буннан тысқары, жойбар Өзбекстанның туризм потенциалын халықаралық медиа майданында үгит-нәсиятлаў ҳәм оны регионның тартымлы туристлик бағдарларынан бири сыпатындағы имиджин беккемлеўдиң және бир қуралына айланады.