Мақсетлер:

турақ жайы болмаған шахсларға хызмет көрсетиўши мәкемелердиң жумысын жетилистириў;

турақ жайға ийе болмаған шахсларды социаллық ҳәм басқа да хызметлер менен қамтып алыў арқалы олардың жәмийетке толық интеграцияласыўын әмелге асырыў.

Ҳүжжетте ишки ислер уйымларының турақ жайы болмаған шахсларды реабилитациялаў орайларының атын ўақтынша баспана бериў ҳәм социаллық тиклеў орайлары (Социаллық орайлар) деп өзгертиў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, турақ жайға ийе болмаған шахсларды судтың қарары тийкарында Социаллық орайларға жайластырыў әмелияты бийкар етилмекте. Олар 2026-жыл 1-сентябрьден баслап келисим тийкарында жайластырылады, ўақтынша турақ жай менен, азық-аўқат ҳәм жеке гигиена қураллары менен тәмийинленеди.

 

Социаллық орайларға жайластырылған шахслар индивидуал режелерге муўапық социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер менен қамтып алынады.

Социаллық ҳәм экономикалық реинтеграция

2026-жыл 1-сентябрьден баслап турақ жайға ийе болмаған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеўдиң жаңа тәртиби енгизиледи, оған муўапық:

район (қала) абаданластырыў басқармаларының жумысшы-қәнигелери, инженер-техниклери ҳәм өндирис хызметкерлери, биринши гезекте, Социаллық орайларға жайластырылған шахслардың келисими менен олардың есабынан қәлиплестириледи;

исбилерменлик субъектлери тәрепинен қысқа мүддетлерде өзлестирилетуғын ҳәм жумысқа орналасыў имканияты жоқары болған кәсиплерге оқытыў ушын Социаллық орайлар аймағында бәнтлик орайлары шөлкемлестириледи;

Социаллық орайлар аймағында жайласқан бос турған мәмлекетлик көшпес мүлк объектлери бәнтлик орайларын шөлкемлестириў тилегин билдирген юридикалық тәреплер ҳәм жеке меншик исбилерменлерге Ташкент қаласында ижара төлеминиң ең аз муғдарына 0,25 коэффициентин қолланған ҳалда, қалған аймақларда ижара төлеминиң ең аз муғдарында 5 жылға шекем бийлик етиў ҳуқықысыз (мүддетин созыў ҳуқықы менен) тиккелей ижараға бериледи.

Сондай-ақ, 2026-жыл 1-октябрьден баслап Социаллық орайларға жайластырылған турақ жайға ийе болмаған шахслар жумыссыз деп табылады. Оларға кәсип-өнерге оқытыў ушын ваучерлер ажыратылады.

Турақ жайға ийе болмаған шахслар Социаллық орайларда болған дәўиринде усы мәкемелерде мәмлекетлик бажы төлемеген ҳалда ўақтынша болған орны бойынша дизимнен өтеди.

Ҳүжжет пенен Мәлим бир жасаў орнына ийе болмаған шахсларды социаллық қорғаў бойынша илажлар бағдарламасы тастыйықланды.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 04.08.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».