"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, ертең, 23-июнь күни тек ғана
республиканың арқа-батыс районларында, 24-июнь күни болса Ташкент, Самарқанд,
Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятлары ҳәм Ферғана ойпаты ўәлаятларының айырым
аймақларында қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин. 25-26-июнь
күнлери республика бойынша жаўын-шашын болмайды.
Ҳаўаның температурасы республика аймағының үлкен бөлегинде пүткил жумыс
ҳәптеси даўамында 33-38 дәреже, қублада 41-44 дәрежеге шекем болады.
Арқа-батыс районларда бүгин күндиз оғада ыссы, шөл аймақларында болса
бүгин ҳәм ертең 41-44 дәрежеге шекем ыссы болады.
Самалдың тезлиги
7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде
шаң-тозаң менен бақланыўы күтиледи.
Республиканың таў
алды ҳәм таўлы аймақларында ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын жаўып,
гүлдирмама болыўы күтиледи. Сел-суў өтиўи мүмкин.
Ташкентте: бүгин,
22-июнь күни күнниң екинши ярымында қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама
болыўы мүмкин. Күндиз 34-36 дәреже ыссы болады.
23-июнь -
жаўын-шашынсыз. Күндиз 36-38 дәреже ыссы болады.
24-июнь - қысқа
ўақытлы жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 34-36°.
25-26-июньда
жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы 36-38°.
Самалдың бағыты
шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, ўақты-ўақты менен 10-12 м/с қа шекем күшейиўи,
қаланың айрым аймақларында шаң-тозаң болыўы мүмкин.