Оған бола, 2026-жыл 1-июльден баслап пенсиялар, напақалар, сондай-ақ,
"Социаллық реестр" системасына киргизилген шаңарақларға балалар ушын
ҳәм материаллық жәрдем төлемлериниң муғдары 7 процентке арттырылады.
Атап айтқанда:
жасқа байланыслы пенсияның ең аз муғдары айына 983 000 сумды қурайды;
майыплығы бойынша пенсияның ең кем муғдары - айына 1 083 000 сум.
"Социаллық реестр"ге киргизилген шаңарақларға балалар ушын
айлық напақа төмендеги муғдарларда белгиленеди:
3 жасқа шекемги бир бала ушын - 386 000 сум;
3 жастан 18 жасқа шекемги бир бала ушын - 295 000 сум;
екинши бала ушын қосымша төлем - 177 000 сум;
үшинши ҳәм оннан кейинги ҳәр бир бала ушын қосымша төлем - 118 000 сум.
"Социаллық
реестр"ге киргизилген шаңарақларға берилетуғын айлық материаллық жәрдем
муғдары 450 мың сум болады.
Сондай-ақ,
2026-жыл 1-сентябрьден баслап бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы
ҳәм стипендиялар муғдары 7 процентке арттырылады.
Сондай-ақ, жаңа
базалық көрсеткишлер белгиленди:
2026-жыл
1-июльден баслап пенсияны есаплаў ушын базалық муғдар айына 504 000 сумды
қурайды;
2026-жыл
1-сентябрьден баслап:
мийнетке ҳақы
төлеўдиң ең кем муғдары айына 1 360 000 сумды қурайды;
базалық есаплаў
муғдары (БЕМ) 440 000 сум етип белгиленеди.
Халықтың
дәраматларын арттырыў ҳәм пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары
шеңберинде жаңа төлем муғдарлары енгизилмекте.