Оған бола, 2026-жыл 1-июльден баслап пенсиялар, напақалар, сондай-ақ, "Социаллық реестр" системасына киргизилген шаңарақларға балалар ушын ҳәм материаллық жәрдем төлемлериниң муғдары 7 процентке арттырылады.

Атап айтқанда:

жасқа байланыслы пенсияның ең аз муғдары айына 983 000 сумды қурайды;

майыплығы бойынша пенсияның ең кем муғдары - айына 1 083 000 сум.

"Социаллық реестр"ге киргизилген шаңарақларға балалар ушын айлық напақа төмендеги муғдарларда белгиленеди:

3 жасқа шекемги бир бала ушын - 386 000 сум;

3 жастан 18 жасқа шекемги бир бала ушын - 295 000 сум;

екинши бала ушын қосымша төлем - 177 000 сум;

үшинши ҳәм оннан кейинги ҳәр бир бала ушын қосымша төлем - 118 000 сум.

"Социаллық реестр"ге киргизилген шаңарақларға берилетуғын айлық материаллық жәрдем муғдары 450 мың сум болады.

Сондай-ақ, 2026-жыл 1-сентябрьден баслап бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы ҳәм стипендиялар муғдары 7 процентке арттырылады.

Сондай-ақ, жаңа базалық көрсеткишлер белгиленди:

2026-жыл 1-июльден баслап пенсияны есаплаў ушын базалық муғдар айына 504 000 сумды қурайды;

2026-жыл 1-сентябрьден баслап:

мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары айына 1 360 000 сумды қурайды;

базалық есаплаў муғдары (БЕМ) 440 000 сум етип белгиленеди.

Халықтың дәраматларын арттырыў ҳәм пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары шеңберинде жаңа төлем муғдарлары енгизилмекте.