Мақсетлер:
айрықша билимлендириўге мүтәжлиги болған балаларды анықлаў, олардың
психологиялық-педагогикалық жағдайын комплексли баҳалаў;
үй шараятында ҳәм интернат формасында оқып атырған балалардың санын
қысқартыў, олардың жақын әтираптағы мектеплерде оқыўын кеңейтиў;
билимлендириў шөлкемлеринде тосқынлықсыз ҳәм инклюзив орталықты
қәлиплестириў, балаларды жәрдемши үскенелер менен тәмийинлеў, индивидуал оқыў
режелерин ҳәм коррекциялық-педагогикалық қоллап-қуўатлаў системасын енгизиў;
майыплығы болған
балалардың интеллектуаллық, дөретиўшилик, кәсиплик ҳәм исбилерменлик
потенциалын жүзеге шығарыўға қаратылған раўажландырыўшы бағдарламалар, кәсиплик
шеберлик таңлаўлары ҳәм дөретиўшилик таңлаўларды кеңнен енгизиў.
Заманагөй
инклюзив билимлендириў экосистемасын қәлиплестириў.
2026-жыл
1-сентябрьден баслап айрықша билимлендириўге мүтәжлиги болған балаларды оқыўға
тартыў бойынша "шаңарақбай" системасы енгизиледи. Бунда социаллық
хызметкер ата-аналарға билимлендириў ҳәм социаллық хызметлерден пайдаланыўда
әмелий жәрдем береди.
3-18 жастағы
балаларда айрықша билимлендириўге болған талапларды анықлаў ҳәм оларды
мәмлекетлик билимлендириў мәкемелерине жибериў "Инсан" социаллық
хызметлер орайларының Баланы комплексли баҳалаў топары тәрепинен әмелге
асырылады. Баҳалаў топарының жумысы Наўайы ҳәм Хорезм ўәлаятларында 2026-жыл
1-октябрьден басланады.
2027-жыл 1-майдан
районлараралық ҳәм районлық (қалалық) медициналық-социаллық эксперт
комиссиялары ҳәм баҳалаў топарының жуўмағы тийкарында заманагөй ассистив
(жәрдемши) буйымлар менен ваучер тийкарында тәмийинлеў системасы енгизиледи.
2027/2028-оқыў
жылынан баслап майыплығы болған абитуриентлер ушын жоқары оқыў орынларына кириў
имтиханында, миллий сертификат алыў имтиханында (сынағында), сондай-ақ,
майыплығы болған педагог кадрларды аттестациядан өткериўде Брайль әлипбесинен,
аудио ҳәм электрон форматтағы имтихан материалларынан пайдаланыў имканиятын
жаратқан ҳалда белгиленген ўақыт нормасының 50 проценти муғдарында қосымша
ўақыт бериледи.
2026/2027-оқыў
жылынан баслап айрықша билимлендириўге мүтәжлиги болған балалар ушын
қәнигелестирилген мәкемелерде оқытыў индивидуал оқыў режелери тийкарында
шөлкемлестириледи.
Финанслық
қоллап-қуўатлаў илажлары
2026-жыл
1-сентябрьден баслап мәмлекетлик емес мектеплерге коррекция классын шөлкемлестирген
ҳалда, бундай класста оқып атырған ҳәр бир оқыўшыға төмендеги муғдарларда
субсидия ажыратыў нәзерде тутылмақта:
Ташкент қаласында
- 11 БЕМ;
ўәлаят орайлары
ҳәм Нөкис қаласында - 9,5 БЕМ;
басқа районларда
(қалаларда) - 8,5 БЕМ;
Сондай-ақ, ҳәр
жылы кеминде 50 мәмлекетлик мектепте майыплығы болған балалар ушын жойбарларды
әмелге асырыў ушын БЕМның 500 есесине шекемги муғдарда "Инклюзив
билимлендириў орталығы" гранты ажыратылады.
Майыплығы болған
шахслардың потенциалын жүзеге шығарыў
Ҳәр жылы мәмлекетлик
емес коммерциялық емес шөлкемлер менен биргеликте өткерилетуғын
"Имканиятлар олимпиадасы" (Abilympics) ҳәм "Өсиў ҳәм
раўажланыў" (UPSHIFT) таңлаўлары өткериледи.
Онда, усы
таңлаўдың ҳәр бир бағдары бойынша жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине БЕМның 15
есесинен 30 есесине шекемги муғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлық бериледи.
2027-2028-оқыў
жылынан баслап мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында еситиў қәбилети бузылған
балаларға шет тиллерин үйрететуғын муғаллим-оқытыўшыларды мақсетли қабыллаў
тийкарында таярлаў жолға қойылады. "Баслаўыш класс муғаллими"
қәнигелигиниң студентлери болса арнаўлы педагогика пәнлериниң тереңлестирилген
бағдарламалары тийкарында оқытылады.
2026-2028-жылларда
айрықша билимлендириўге мүтәж балаларға билимлендириў хызметлерин көрсетиў системасын
жетилистириў бойынша илажлар бағдарламасы тастыйықланды.
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 05.08.2026-жылдан күшке кирген,
деп жазады «Norma».