Ҳүжжет пенен Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан 2026-2027-жылларда миллий валютадағы 105 миллион доллар эквиваленти муғдарындағы қаржылар "Микрокредитбанк" АКБ тәрепинен 10 жыл мүддетке, соның ишинде, 4 жыллық жеңиллетилген дәўир менен басқышпа-басқыш, жыллық 6 процент ставкада ажыратылыўы нәзерде тутылған.

2026-жыл 1-августтан баслап усы ресурслар есабынан қусшылық өнимлерин ислеп шығарыў бойынша жаңа қуўатлықларды иске қосыў ҳәм "таяр бизнес" жойбарлары ушын 27.06.2024-жылдағы ПҚ-238-санға муўапық "Микрокредитбанк" АКБ тәрепинен 10 жылға шекемги мүддетке, соның ишинде, 4 жыллық жеңиллетилген дәўир менен жыллық 10 процентлик ставкада (соның ишинде, банк маржасы 4 процент) кредитлер ажыратылады.

Сондай-ақ, қусшылық хожалықлары, қусларға аралас жем ислеп шығарыўшылар ҳәм "таяр бизнес" жойбарларын қаржыландырыў ушын 2026-жыл 1-сентябрьден баслап "Микрокредитбанк" АКБ тәрепинен 10 процентлик ставкада жаңа кредитлер ажыратылады.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 23.07.2026-жылдан күшке кирди.