"Enterprise Uzbekistan"ның нормативлик-ҳуқықый базасында Англия ҳәм Уэльс улыўма ҳуқық элементлери, сондай-ақ, жетекши халықаралық финанс орайларының стандартларынан пайдаланылған.

2100-жылға шекем әмел ететуғын ҳуқықый тәртипке салыўдың айрықша системасы төмендегилерди өз ишине алады:

корпоративлик ҳәм коммерциялық қатнасықлар;

инвестициялар;

мийнет қатнасықлары;

мағлыўматлар ҳәм интеллектуаллық мүлкти қорғаў;

мәмлекетлик хызметлер;

жасалма интеллект;

билимлендириў ҳәм инновацияларды тәртипке салыўшы тесттен өткериў;

салыққа тартыў ҳәм бажыхана тәртипке салыў.

Инвесторлардың активлери ҳәм мүлки миллийлестириў, конфискациялаў, музлатыў ҳәм басқа да шеклеўлерден қорғалады (нызамда белгиленген жағдайлар ҳәм суд қарарларынан тысқары).

Альтернатив ҳәм венчур инвестициялар экосистемасы төмендеги инвесторлар категорияларын нәзерде тутады:

институционаллық,

стартап-инвесторлар;

резидентлер;

инфраструктуралық.

Орайда жеке мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм қорғаўдың дүнья стандартларына сәйкес болған арнаўлы қағыйдаларынан пайдаланылады. Сондай-ақ, булытлы мағлыўматларды қәўипсизлик талапларына әмел еткен ҳалда сақлаў ҳәм қайта ислеўге рухсат бериледи.

Нызам интеллектуаллық мүлк объектлерине болған ҳуқықлардың қорғалыўын тәмийинлейди, ЖИ технологияларын изертлеў, ислеп шығыў ҳәм енгизиў еркинлигин кепиллейди.

Орай өз аймағында академиялар, университетлер, илимий-изертлеў институтлары ҳәм оқыў орайларын ашыў ушын лицензия бериў ўәкиллигине ийе.

Орай шеңберинде пайда салығы, ҚҚС ҳәм ФШДС салығын қолланыўды нәзерде тутатуғын салыққа тартыўдың айрықша модели белгиленген. Инвесторлар дивидендлер ҳәм инвестициялардан алынатуғын басқа да дәраматлар салығынан азат етиледи.

Экспорт ҳәм орай ишиндеги жумыслар ушын жеңилликлер енгизилген: сырт елли хызметкерлер ушын пайда салығы, ҚҚС ҳәм ЖШЖ салығының нольлик ставкасы.

"Enterprise Uzbekistan"ның жоқары уйымы президент басшылығындағы басқарыў кеңеси есапланады. Атқарыўшы функциялар орай админстрациясы тәрепинен әмелге асырылады.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 21.01.2027-жылдан күшке киреди, деп жазады «Norma».