Сапар шеңберинде Кембридж университетиниң Кавендиш лабораториясы менен «BMU-Cavendish Development Initiative» басламасын жаратыў бойынша келисимге қол қойылды. BMU бул лаборатория менен бирге ислесиўди баслаған Өзбекстандағы биринши жоқары оқыў орны болды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Кембридж университетиниң физика факультети болған Кавендиш лабораториясы дүньядағы ең белгили илимий орайлардан бири болып есапланады. 1874-жылы шөлкемлестирилген бул лаборатория 2025-жылы жаңаланғаннан соң заманагөй әсбап-үскенелер ҳәм технологиялардан пайдаланыў имканиятына ийе болды. Мәкемеде экспериментал ҳәм теориялық физика тараўында фундаментал

Лаборатория Генри Кавендиш аты менен аталады ҳәм физикалық билимлендириў ҳәм изертлеўлерди системалы раўажландырыўдың дәслепки орайларынан бири болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта бул жерде квант физикасы, нанотехнология ҳәм астрофизика бағдарлары жедел раўажланбақта. Ҳәр қыйлы жылларда лабораторияда Нобель сыйлығының көплеген лауреатлары жумыс ислеген.

Мәресимде Кавендиш лабораториясының кафедра баслығы, профессор Мете Ататюре де қатнасып, ҳүжжеттиң қол қойылыўы келешекте кең көлемли илимий ҳәм академиялық бирге ислесиўге тийкар болатуғынына үмит билдирди.

Сапар етиў шеңберинде өзбекстанлы студентлер Кембридж университетиниң оқыў процеси ҳәм жумысы менен танысты. Олар ушын лабораторияның жетекши профессор-оқытыўшыларының физика, химия ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклери бойынша баянатлары шөлкемлестирилди.

Жаңа бирге ислесиў студентлер ҳәм оқытыўшылар алмасыўы, жасалма интеллект, денсаўлықты сақлаў ҳәм турақлы раўажланыў тараўларында биргеликтеги изертлеўлерди раўажландырыў, билимлендириў ҳәм илимий потенциалды арттырыў бағдарындағы басламаларды үйрениў ушын имканиятлар ашып атырғаны атап өтилди.