Туризм комитети ҳәм Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилип
атырған фестиваль шеңберинде ўәлаяттың қала ҳәм районлары өз аймақларында
жетистирилген мазалы қаўынлардың көргизбе-ярмаркасын өткереди. Павильонлар
аймақлық өзгешеликлерден келип шығып, байрамға тән етип безетиледи.
Буннан тысқары, театрластырылған тамашалар, қуўыршақ театры ҳәм миллий
кийимлер көргизбеси, миллий тағамлар, Хорезм наны ҳәм өнерментшилик өнимлериниң
көргизбелери, көркем өнер ҳәм фольклор топарларының жанлы тамашалары, шеберлик
сабақлары, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер шығармаларының көргизбеси
шөлкемлестириледи.
"Қаўын
сейили"ниң белсенди қатнасыўшылары Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм
қәўендерлердиң ҳәр қыйлы номинациялар бойынша баҳалы саўғалары менен
сыйлықланады.
Фестивальдың
тийкарғы илажларынан бири россиялы белгили қосықшы Максимниң 8-август күни
"Арда Хийўа" туристлик комплексинде шөлкемлестирилетуғын концерти
болады. Илажға кириў бийпул.