Илим, өнерментшилик, саўда ҳәм исбилерменлик орайларынан бири болған әййемги Хорезм жеринде сизлер менен ушырасып турғанымнан қуўанышлыман.

Бүгинги форумда районларда жайласқан студиялардағы 25 мыңға шамалас исбилерменлер де биринши мәрте қатнаспақта.

Пурсаттан пайдаланып, сиз, әзизлерди, мәмлекетимиздиң экономикалық қүдиретин беккемлеўге үлкен үлес қосып киятырған 1 миллион 200 мыңнан аслам бизнес жәмийетшилигимизди Исбилерменлер күни менен қутлықлайман.

Буннан бес жыл бурын сизлер менен дәстүрге айланған ашықтан-ашық сөйлесиўди баслағанымыз бизнеске тосқынлық етип атырған мыңлаған мәселелерге шешим тапты, 84 нызам, 861 пәрман ҳәм қарар қабыл етилди. Булардың барлығы исбилерменлеримиз ушын шараят жаратыўға, жаңа жумыс орынларының көбейиўине, ўатанласларымыздың өз мәҳәллесинде дәрамат алыўына хызмет етти.

Өткен дәўирде бизнес субъектлериниң кредит портфели дерлик 3 есеге көбейип, 450 триллион сумға жетти, 650 триллион сум салық ҳәм бажыхана жеңилликлеринен пайдаланылды. Көплеген бизнес ўәкиллери өз жойбарларын әмелге асырыў ушын сырт ел банклеринен 1 миллиард доллар қаржыны өзлери тартқан. Бул сизлердиң және бир үлкен жеңисиңиз.

Бүгинги күнде елимиз исбилерменлери "бизнести баслаў" басқышынан "капитал өсиў" басқышына өтпекте. Бес жылда кәрханаларымыздың тийкарғы капиталға инвестиция киргизиў көлеми 3 есеге артты.

Биринши ашықтан-ашық сөйлесиў ўақтында елимизде 66 район болып, санаат көлеми 100 миллион доллардан артқан еди. Ҳәзир бундай районлардың санын 116 ға жеткердик. IT, финтех ҳәм басқа да хызмет бағдарлары жедел раўажланып атырғаны себепли бул тараўдағы хызметлер көлеми 1 триллион сумнан асқан районлардың саны 152 ге жетти. Жетекши халықаралық маркетплейслер менен ислесетуғын кәрханалар саны 3,5 мыңға жетти. Мәҳәлле дәрежесинде жумыс баслап, елимиз бойлап онлаған филиалларын шөлкемлестирген исбилерменлер бүгинги күнде 550 ден аслам, миллий бренд жаратқанлар болса 300 ден зыят.

Кейинги жылларда исбилерменлеримиз ушын мыс, алтын, металл прокат, полиэтилен, поливинилхлорид, каолин, каустикалық сода сыяқлы шийки зат түрлери бойынша усынысты арттырып атырмыз. Нәтийжеде электротехника, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, фармацевтика, тоқымашылық, мебель қурылысы ҳәм басқа да көплеген тармақларда "үлкен секириў"ге еристик.

Электромобиллер, полимерлер ҳәм турмыслық химия, "жасыл" энергетика, алтын қазып алыў тармақлары "нольден" пайда болды, десем, сизлер мениң пикириме қосыласыз, деп ойлайман. «BYD», «ADM Jizzakh» ҳәм «Sirdaryo Asaka Motors» заманагөй автомобиль заводларының қурылысы бул тараўға жаңа қәнигелик ҳәм технологиялар алып келди. Қарақалпақстан, Наўайы, Шыршық, Жиззақ ҳәм Ферғанадағы химия кластерлеринде жоқары қосымша қунлы 40 жаңа қуўатлылықты иске қостық.

Усы мүнәсибет пенен реформаларымызды қоллап-қуўатлап, аймақларға үлкен қаржы киргизип атырған сырт елли шериклеримизге де миннетдаршылық билдиремен.

Әзиз дослар!

Қысқа ўақытта Хорезмге 4 миллиард доллар сырт ел инвестициясы кирип келди, 10 мың жаңа қуўатлық иске қосылды. Биз "Хазарасп" арнаўлы экономикалық зонасын ҳәм 31 санаат зонасын шөлкемлестирдик.

Топыраққала ҳәм Янгиариқта улыўма қуўатлылығы 275 МВт болған электр станцияларының қурылысы кәрханаларды турақлы энергия менен тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Ўәлаят экономикасының 72 проценти киши бизнес тәрепинен жаратылып атырғанын айрықша атап өтпекшимен. Хорезм ўәлаяты экспортта киши бизнестиң үлеси бойынша республикада 1-орынды ийеледи. Улыўма етип айтқанда, логистика шынжырларынан узақ, тәбийғый ресурслары шекленген бул аймақта соңғы жыллар киши ҳәм орта бизнесте ҳақыйқый өсиў дәўири болды.

Ўәлаятта жаңа имканиятлар жаратыў мақсетинде: ҳәптесине әмелге асырылатуғын авиақатнаўлар санын 16 дан 102 ге, темир жол қатнаўларын 8 ден 41 ге жеткердик; "Ташкент-Хийўа" тезжүрер поездының қатнаўын жолға қойдық, 35 километрлик жаңа "Үргенш-Хийўа" заманагөй автомобиль жолы пайдаланыўға тапсырылмақта; 25 гектар майданда «Arda Khiva» туристлик комплекси қурылды. Сондай-ақ, исбилерменлер тәрепинен жәми 7 мың орынлық 331 мийманхана ҳәм мийман үйи қурылған.

Соның есабынан усы жылы Хорезмге 3 миллион сырт ел туристи келиўи күтилмекте.

Хийўада және бир ири туризм комплекси - "Саҳра жулдызы"н қурамыз, бул комплекс көплеген мийманханалар, саўда ҳәм кеўилашар объектлерди өз ишине алады.

Бир сөз бенен айтқанда, бүгинги күнде Хорезм исбилерменлер ушын жаңа имканиятлар орайына айланбақта.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Дүньядағы жағдай қаншелли қыйын болмасын, өткен ярым жыллықта экономикамыз 8,5 процентке өсти. Абырайлы «Fitch» ҳәм ё«Moody's» халықаралық рейтинг агентликлери мәмлекетимиздиң суверен кредит рейтингин бир текшеге көтерди. Жәҳән банкиниң инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығы ҳаққындағы есабатында Өзбекстан жетекши мәмлекетлер қатарынан орын алды.

Бул - бәринен бурын, сиз, исбилерменлер менен биргеликте әмелге асырып атырған реформаларымыздың нәтийжеси.

Биз исбилерменлердиң мәплерин гөзлеп, усы жылы кооперация, мәмлекетлик сатып алыўлар, стандартластырыў, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм урбанизация сыяқлы тараўларда институционаллық өзгерислерди әмелге асырдық. Бир ғана мысал, "Миллий санаат шынжыры" иске қосылғаны себепли усы жылдың өзинде жеке меншик кәрханалар ири мәмлекетлик компаниялардан 4 триллион сум муғдарында кооперация буйыртпаларын алыў имканиятына ийе болды.

Стратегиялық кәрханалар тәрепинен "Келешек жойбарлары" бағдарламасы шеңберинде локализациялаў ушын 650 ден аслам түрдеги жаңа өнимлердиң дизими жәрияланғаны исбилерменлерге қосымша 1 миллиард долларлық базар жаратты.

Биз исбилерменликтиң раўажланыўына қарап салық ҳәкимшилигин әпиўайыластырып бармақтамыз. Жақында қосымша қун салығына өтиў шегарасы 1 миллиард сумнан 5 миллиард сумға шекем арттырылды. Бул 600 мың киши бизнес ўәкиллерине үлкен мәдет болды.

Кафе ҳәм ресторанларға қосымша қун салығынан 100 миллиард сум кэшбек қайтарылды. Аўыл хожалығы өнимлери ушын қосымша қун салығының нольлик ставкасын белгилеў есабынан фермерлердиң ықтыярында 400 миллиард сум қаржы қалды.

Усы жылдың өзинде: Қазақстанда 11 түрдеги қурылыс материалларын импорт етиў бойынша шеклеўлер бийкар етилди; Түркменстан менен ислеп шығарылған товарлар бойынша өз-ара бажысыз саўда режимин орнатқанбыз; Иордания менен 150 түрдеги, Пакистан менен 88 түрдеги ҳәм 34 түрдеги жеңиллетилген саўда келисимлери дүзилди.

Иран ҳәм Аўганстан менен. Монголия, Бирлескен Араб Әмирликлери, Оман, Малайзия, Сингапур, Индонезия, Египет, Ҳиндстан мәмлекетлери менен де мине усындай келисимлер тийкарында жумыс алып барамыз.

Жиззақта атом электр станциясы, Алмалықта мыс байытыў бойынша төртинши завод, Ташкент - Самарқанд ҳәм Ташкент - Әндижан бағдарларында жаңа заманагөй автомобиль жолларын қурыў, Хорезмде экологиялық әҳмийетке ийе авиажанылғы комплекси, Сурхандәрьяда 940 гектар майданда заманагөй ыссыхана, Жоқары Шыршық районында "Жаңа Ташкент" аэропортын қурыў сыяқлы экономикалық өсиўге күшли түртки беретуғын көплеген мегажойбарлар әмелге асырылмақта.

Усы жылы улыўма баҳасы 27 миллиард доллар болған 105 жаңа санаат ҳәм инфраструктура жойбары иске қосылады. Буннан тысқары, барлық аймақларда 3 миллион халыққа мөлшерленген жаңа массивлер қурылмақта.

Бундай ири жойбарларда өз өними ҳәм хызметлери менен қатнаспақшы болған исбилерменлеримиз ушын сырт ел инвесторлары ушын жаратылған шараятларды жаратамыз.

Жақында транспорт ҳәм логистика тараўындағы исбилерменлер ушын жүк автомобильлерин импорт етиўде бажыхана бажы ҳәм утилизация жыйымы бийкар етилди. Буннан тысқары, жергиликли операторларға халықаралық тасыўлар ушын вагонлар бериўде қосымша қун салығының ставкасын нольге шекем түсирип беремиз.

Исбилерменлеримизге тийкарғы шериклеримиз болған мәмлекетлердиң портлары потенциалынан пайдаланыў ушын имканиятлар жаратып атырмыз. Атап айтқанда, келеси жылы Грузияның Поти портында 500 мың тонна қуўатлықтағы логистика орайын иске қосамыз, сондай-ақ, шериклеримиз бенен биргеликте Анаклия портында жойбарлаў жумысларын басладық.

Олот, Термиз, Янгийўл, Оҳангарон районлары ҳәм Ханабад қаласында ири транспорт-логистика орайлары қурылады. Бул исбилерменлеримиздиң транзит жүклерин 25 процентке арттырыў, логистика хызметлериниң экспортын 3,5 миллиард долларға жеткериўге тийкар жаратады.

Келеси жылы Ташкент халықаралық финанс орайы ҳәм «Enterprize Uzbekistan» санлы технологиялар халықаралық орайы ашылады. Бул орайлар халықаралық базарларға жедел кирип барыў, 20-25 миллиард доллар инвестиция, жаңа билим ҳәм технологияларды тартыўға хызмет етеди.

Ҳүрметли исбилерменлер!

Енди исбилерменлер көтерген мәселелер бойынша жаңа басламалар билдирмекшимен.

Биринши бағдар - исбилерменликтиң "турақлы өсиў траекториясы"н тәмийинлеў.

Кейинги жылларда банклердиң кредит портфелинде киши бизнестиң үлеси 45 проценттен 63 процентке артты. Биз банклерди "клийентке бағдарланған" форматта ислеўге үйретемиз. Биринши ярым жыллықта киши ҳәм орта бизнес ушын 76,5 триллион сум ресурс ажыратылды.

Әҳмийетлиси, бундай ресурслардан пайдаланып атырған исбилерменлердиң айланысы еки жылда 2 есеге артқан. Улыўма етип айтқанда, исбилерменниң киши исбилерменлик субъектинен орта исбилерменлик субъектине, орта исбилерменлик субъектинен "чемпион"қа айланыўы ең әҳмийетли нәтийже болып есапланады.

Жақында "Бирден-бир санлы кредит хызметлери порталы" иске қосылды. Бунда исбилермен бир мәрте арза береди, банклер болса қарыйдарды тартыў ушын бәсекилеседи. Өз бизнесин баслап атырғанлар бул платформа арқалы 5 миллиард сумға шекем онлайн кредит алыў имканиятына ийе болады.

Гезектеги ўазыйпа - турақлы өсиў, бизнести кеңейтиў ҳәм сыртқы базарларға шығыў ушын беккем тийкар жаратыў. Усы мүнәсибет пенен, мениң тапсырмама бола, 5 мың кәрхананың жумысы талланды: олардың 40 проценти өткен бир жылда өсиўге инвестиция киргизбеген, 29 процентиниң режесинде жоқ.

Бул бағдарда бизнестиң ҳәр бир басқышында қоллап-қуўатлаў илажлары ҳәм қаржы механизмлерин усыныс етиў бойынша бир пүтин экосистема жаратамыз.

Исбилерменликти баслап атырғанларға "бизнести баслаў" бағдарламасы тийкарында жасалма интеллект жәрдеминде жойбар ҳәм кредитлер ушын ҳүжжет таярлаў ҳәм есабат жүргизиўдиң басланғыш көнликпелери үйретиледи. Бизнести таярлаўға 100 миллиард сум ажыратамыз. Аймаққа сай таяр "бизнес-реже" ҳәм 200 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит бериледи.

Өндиристи жолға қойған исбилерменлер ушын "бизнес-лифт" бағдарламасы әмелге асырылады. Онда исбилермен ушын базар табыў, мәмлекетлик сатып алыўларда қатнасыў, ири компаниялар менен кооперацияны өз ишине алған бир пүтин жәрдем шынжыры жаратылады.

Өсиўдиң жаңа басқышына өтпекши болған исбилерменлер ушын "Бизнес раўажланыў" бағдарламасын баслаймыз. Бағдарлама шеңберинде өндиристи көбейтиў ҳәм сыртқы базарларға шығыў ушын қосымша альтернатив инвестициялық механизмлер кеңейтиледи.

Киши бизнес ушын ең үлкен мәселе - гиреў тәмийнаты. Соның ушын биз исбилерменлерге бизнестиң ҳақыйқый баҳасын анықлаған ҳалда кредит бериўди нәзерде тутатуғын контркепиллик системасын енгизбектемиз.

Буннан былай 10 миллиард сумға шекем кредит алыўда кепилликтиң 30 процентин мәмлекет, 30 процентин Бизнести кепиллеў компаниясы, және 15 процентин банклер өз мойнына алады. Соның ушын исбилерменге кредит алыў ушын оның 25 проценти муғдарында гиреў табыў жетерли болады.

Жақында "виртуал салық мәсләҳәтшиси" арқалы исбилерменлерге қәрежет ҳәм қәтелерди азайтыўға жәрдемлесетуғын жасалма интеллектли портал иске қосылды.

Келеси жылдан баслап қурылыс, мийнет қатнасықлары, сыртқы саўда ҳәм мәмлекетлик хызметлер процесине де "жасалма интеллект жәрдемшилери"н енгиземиз.

Бир сөз бенен айтқанда, гәп исбилерменге кредит бериў ҳаққында емес, ал оны қоллап-қуўатлайтуғын, биринши қәдемнен баслап ири бизнеске айланыўына шекем алып баратуғын комплексли система жарататуғынымыз ҳаққында.

Әзиз дослар!

Екинши бағдар аймақларда бизнес ушын имканиятларды кеңейтиўге байланыслы.

Экономиканы раўажландырыўдың ең нәтийжели жолы - бул бар ресурслардан өнимли пайдаланыў екенин бәршемиз жақсы түсинемиз.

Бүгинги күнде мыңлаған гектар бос жер майданлары ҳәм нәтийжесиз пайдаланылып атырған мәмлекетлик активлер бар. Олардың ҳақыйқый баҳасы қашан көринеди? Сонда олар жойбарға айланып, экономикалық баҳасын қәлиплестиреди, жумыс орынларын жаратыў ҳәм экспортқа хызмет етеди.

Соның ушын, мәмлекетлик активти сатып алыўда: аванс муғдары 30 проценттен 15 процентке азайтылады; алты ай даўамында төлемлерди толық әмелге асырған исбилерменлерге 25 процентлик шегирме бериледи; улыўма қаржының ярымын өткергенлер қалған бөлегин 7 жыл даўамында процентсиз бөлип-бөлип төлеў имканиятына ийе болады.

Сатылмаған мәмлекетлик мүлктиң басланғыш баҳасы басқышпа-басқыш улыўма 10 процентке шекем түсириледи.

Енди аукцион өткериў мүддети 30 күннен 15 күнге, қайта аукционда болса 10 күннен 5 күнге қысқартылады.

Ашық айтыў керек, бүгинги күнде аукцион арқалы жер сатып алған исбилерменлер қурылысты баслаў ушын 6 айдан 1 жылға шекем ўақыт сарплайды. Ҳәкимлерди оқытқанбыз, енди олар жер участкаларын қурылысқа рухсатнама, архитектура-режелестириў тапсырмасы ҳәм жойбарын өз ишине алған "таяр пакет" түринде саўдаға шығарады. Бундай жерлерди сатып алған исбилермен дәрриў қурылысқа кирисиўи мүмкин.

Және бир жеңиллик - инфраструктура ушын аванс төлеми 20 проценттен 5 процентке азайтылады.

Банклерде 9 триллион сумлық 2 мың 500 мүлк объекти бар. Оларды басланғыш төлемсиз ҳәм процентсиз, төлемди бөлип-бөлип төлеў шәрти менен шегирме баҳада сатыўға рухсат бериледи. Оларды сатып алған исбилерменлер усы объект ушын бир жыл даўамында жер ҳәм мүлк салығын төлемейди.

Биз биринши гезекте локализацияланатуғын 50 түрдеги өнимниң дизимин дүздик. Оларды елимизде ислеп шығарыў ушын арнаўлы экономикалық зоналардағы қатнасларды да өзгертемиз. Усы мақсетте "Наўайы", "Жиззақ", "Наманган", "Ургут" ҳәм "Хазарасп" арнаўлы экономикалық зоналары аймақларының бир бөлегинде "Бонд санаат зоналары"н шөлкемлестиремиз. Бул жерге жайласатуғын исбилерменлер шийки зат ҳәм комплектлеўши бөлеклерди бонд қоймаханасына алып кириўде барлық салық ҳәм бажыхана төлемлеринен азат етиледи. Өнимлерди локализациялаў дәрежеси 30-40 проценттен жоқары болса, ишки базарға шығыўда да жеңиллетилген шәртлер қолланылады.

Бундай санаат зоналары исбилерменлерге басқарыўда жәрдем беретуғын сервис структурасына айланады. Заманагөй «R&D» орайлары, лабораториялар, инженерлик ҳәм технологиялық хызметлер бир пүтин шынжыр тийкарында әмелге асырылады. Исбилерменлерге инфраструктураға ийе таяр имаратлар бериў шәрти менен 50 миллион доллар ажыратамыз.

Және бир әҳмийетли жаңалықты айтып өтпекшимен.

Көпшилик исбилерменлер электр ҳәм газ ушын 100 процент алдыннан төлем етип атырғаны себепли айланыс қаржылардан қыйналып атырғанын айтпақта.

Мен жаңа энергетика министри Ш.Ходжаевқа тапсырма бердим.

Енди АСКУЭ ҳәм АСКУГ системаларына жалғанған ҳәм төлем тәртибин бузбайтуғын кәрханалар ушын аванс муғдары бир ай ишинде қаржы төлеў шәрти менен 15 процентти қурайды. Сизге мақул ма?

Улыўма етип айтқанда, биз энергетиканы басқарыў системасын түп-тийкарынан өзгертпектемиз. Барлық районларда исбилерменлердиң бүгинги талабы ҳәм келешектеги режелеринен келип шыққан ҳалда жумыс алып баратуғын жаңа система енгизиледи.

Келеси жылдан баслап қурылыс тараўында жумысты бөлип алып ислеўшилер ҳәм жойбарлаўшыларды хошаметлеў бойынша жаңа көзқарасларды енгиземиз. Енди қайсы аймақта қурылыс болыўына қарамастан, ҳәр бир адам-саат ушын ең кем мийнет ҳақының 5 проценти муғдарында қаржы ажыратыў нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, мәмлекетлик объектлердиң сметаларында жумысты бөлип алып ислеўши кәрханалар ушын 7 процент пайда нәзерде тутылған. Қурылыстың қурамалылығынан келип шығып, жойбарлаў жумысларына объект баҳасының 4 процентинен 7 процентине шекем қаржы ажыратамыз.

Қәдирли ўатанласлар!

Үшинши бағдар - "жасалма интеллект - басқарыў нәтийжелилиги - жаңа инвестициялар" экосистемасын жаратыў.

Бүгин қосымша қунды көбейтип, жасалма интеллект жәрдеминде өнимдарлықты арттырып, өзине түсер баҳаны оптималластырып атырған исбилерменге ертеңги базар да қараслы болады.

Таллаўлар өткерилип, усы көзқараслар тийкарында жумыс алып барған исбилерменлердиң 54 процентинде өнимлерге талап кескин артқаны, 25 процентинде өзине түсер баҳаның сезилерли азайғаны, 40 процентинде дәрамат көбейгени есабынан жумысшылардың мийнет ҳақысы 10 проценттен зыятқа артқаны анықланған. Соның ушын кәрханаларда мийнет өнимдарлығын арттырыўға қаратылған жаңа механизмлерди енгиземиз.

Жақында Санлы ҳүкимет орайында биринши суперкомпьютер кластериниң жумысын жолға қойдық. Келеси жылы кластердиң қуўатлылығын 3 есеге арттырамыз. Бул болса жасалма интеллектти енгизиўди қәлеген исбилерменлерге үлкен имканиятлар ашады.

Енди "Жасалма интеллект - 10 мың кәрхана ушын шерик" бағдарламасына старт беремиз. Бундай исбилерменлерге: жасалма интеллектти енгизиў қәрежетлериниң 50 процентин қаплап беремиз; жасалма интеллект жәрдеминде жаңа өнимниң моделин жаратыўда суперкомпьютер ресурсларынан бийпул пайдаланыў имканияты жаратылады.

Сондай-ақ, кәрханалардың жаңа өнимлер жаратыў ҳәм алдынғы технологияларды енгизиў бойынша илимий-изертлеў жумысларына жумсалатуғын қәрежетлери бюджеттен қаплап бериледи.

Соның менен бирге, елимиздеги барлық исбилерменлер пайдаланыўы ушын таяр жасалма интеллект бағдарламаларын ашық платформаға жайластырамыз.

Дәслепки басқышта бағдарламаны қаржыландырыў ушын 100 миллион доллар ажыратамыз.

Тоқымашылық тармағында автоматластырылған басқарыў системаларын енгизиў қәрежетлериниң ярымын мәмлекет өз мойнына алмақта. Енди бул қәрежетлердиң 50 процентин электротехника, қурылыс материаллары ҳәм азық-аўқат санааты кәрханаларына да қаплап беремиз.

Быйыл биринши мәрте 13 стратегиялық компанияның активлерине ийе болған Миллий инвестиция қорының 30 процентлик үлесин Ташкент ҳәм Лондон фонд биржаларына алып шықтық. Бул унамлы тәжирийбе, сөзсиз, ири жеке меншик сектор кәрханаларымыз ушын да сыртқы капитал базарларына жол ашты.

Буннан былай абырайлы инвестициялық банклер менен биргеликте жергиликли кәрханаларымыздың капитал базарына кириўин жеделлестириў мақсетинде акселерация бағдарламасын баслаймыз. Жыллық дәраматы 1 триллион сумнан асатуғын 50 кәрхана таңлап алынады. Акселерация бағдарламасы шеңберинде бул кәрханаларды IPOға таярлаў ҳәм есабатларын халықаралық стандартларға бейимлестириў қәрежетлериниң ярымы қаплап бериледи. Бул жеке меншик кәрханалар ушын сырт елден жылына кеминде 1 миллиард доллар тартыў имканиятын береди.

Ҳүрметли исбилерменлер!

Бүгинги күнде мәмлекетимиздиң қайсы аймағына қарамаң, барлық жерде заманагөй технологиялар тийкарында жумыс алып барып атырған жаңа кәрханалардың саны артып бармақта.

Ҳәр жылы улыўма баҳасы 50 миллиард доллар болған жаңа жоқары технологиялық инвестициялық жойбарларды әмелге асырамыз. Бирақ бул жойбарлардың қаншасында билимлендириў, оқытыў компонентлери бар?

Ҳақыйқатында да, ҳәр бир жойбардың нәтийжеси тек ғана технологияларға емес, ал оларды басқаратуғын маман кадрларға да байланыслы.

Профессионал билимлендириў нәтийже бериўи ушын, бәринен бурын, жасларда кәсипке қызығыўшылық оятылыўы керек.

Кеше Үргенш қаласындағы Кәсип-өнер техникумы ҳәм Кәсиплер қалашасының жумысы менен таныстым. Бул жерде Германия ҳәм Қытай тәжирийбеси тийкарында оқыўшылардың қәбилети ҳәм талантынан келип шығып, "жасыл" энергетика, қурылыс, мийирбийкелик, агрономия, электротехника ҳәм басқа да заманагөй кәсиплерге бағдарлама берилмекте.

Хорезмде сынақтан өткен бул жаңа әмелиятты кейин ала мәмлекетимиздиң барлық аймақларында да қолланамыз. Район ҳәкимлери бир ҳәпте мүддетте Үргеншке келип, бул ҳүжжетлер менен тиккелей танысыўы керек.

Саудияның "ACWA Power" компаниясы тәрепинен 3 ўәлаятта техникумлар шөлкемлестирилип, ҳәр жылы жүзлеген жаслар заманагөй кәсип-өнерге үйретилмекте.

Сораў туўылады: егер сырт ел инвесторы өзи ушын кадрлар таярлаўды жолға қоя алған болса, не ушын бизиң қәнигелеримиз буны ислей алмайды?

Техникумды өзи шөлкемлестириў ямаса мәмлекетлик техникум тийкарында халықаралық стандартларға муўапық кадрлар таярлаў нийетиндеги исбилерменге жүгин азайтыў ушын салық шегирмеси бериледи. Егер ол жерди сатып алған болса, оның баҳасын төменлетемиз. Ҳәр бир ўәлаят, ҳәр бир райондағы ҳәкимлер исбилерменлер, кәрханалар менен бирге усылай ислеўи керек.

Бир ай мүддетте тийисли қарар қабыл етиледи. Қарарға қосымша менен бул жумысқа үлес қосатуғын кәрханалар ҳәм инвесторлардың дизимин де тастыйықлап, оларға соралған жеңилликти беремиз.

Ректорлардың дыққатына: күнниң биринши ярымында жоқары оқыў орны имаратында теория пәни оқытылып атырған болса, түстен кейин жасларға кәсип үйретиледи.

Егер жумысты усы тәризде шөлкемлестирсек, 1 миллион ул-қызды заманагөй кәсип-өнерлер менен қамтып алып, жоқары дәраматлы жумыс орынлары менен тәмийинлеген болар едик.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Төртинши бағдар бойынша экспорт потенциалын арттырыў ҳәм миллий брендлеримизди сыртқы базарларға алып шығыў мәселесин додалаймыз.

Ҳәзир сыртқы базарларда экспорттың ҳәр бир доллары ушын күшли бәсеки жүз бермекте. Жақында экспортшылардың жумысын үйрендик. Олардың 40 проценти сырт елден қарыйдар табыўда қыйыншылықларды, 36 проценти өз өнимин стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў бойынша сырт ел талапларына бейимлестире алмай атырғанын, 37 проценти экспорт ушын қолайлы финанслық қураллардың жетиспейтуғынын, 33 проценти базар ҳаққындағы мағлыўматлардың, маркетинг ҳәм бренд бойынша билим ҳәм көнликпелердиң жоқлығын атап өткен.

Соның ушын кәрханаларымызға сыртқы базарға шығыўдың барлық процесслеринде комплексли хызмет көрсететуғын "Экспорт навигаторы" системасын иске қосамыз.

Бас министрдиң орынбасары Ж.Ходжаев, инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Л.Қудратов, сыртқы ислер министри Б.Саидов, басқа мәмлекетлердеги елшилеримиз сырт еллердиң талапларын үйренип, сыртқы базарда беккем орын ийелеўи мүмкин болған 100 товардың дизимин дүзеди. Онда өнимлер кесиминде 3 бағдар, яғный сыртқы базарда бәсекилеслер, тарифлер системасы, логистика мәселелерин шешиў бойынша бағдарлар ислеп шығылады.

Усы тийкарда: Санаат кооперациясы ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар агентлиги (Б.Ҳайдаров) 2 мың кәрханада өндиристи сыртқы базарға бейимлестириў ҳәм сатып алыўшылар сегменти бойынша бағдарламаны әмелге асырады; Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги (А.Жуманазаров) усы 100 түрдеги өнимлер бойынша исбилерменлерди ҳәр бир базар сегменти бойынша стандарт ҳәм сертификатлар менен тәмийинлесин; банклер экспорт пенен шуғылланатуғын исбилерменлер ушын қолайлы болған жаңа қаржы механизмлерин енгизсин; Транспорт министрлиги (И.Маҳкамов) оптимал логистика жөнелислерин ислеп шығады.

Сондай-ақ, экспортты хошаметлеў, сырт ел брендлерин тартыў ҳәм миллий брендлерди раўажландырыў бойынша қосымша механизмлерди енгиземиз.

Бул бағдарда исбилерменлерге: сырт ел брендмейкерин тартыў қәрежетлериниң ярымы төлеп бериледи; миллий брендлеримизди сыртқы базарларға алып шығыў ҳәм халықаралық талапларға бейимлестириў ушын 50 мың долларға шекем субсидия бериледи; өнимлерди қоймаханаларға жайластырыў ҳәм маркетплейслер арқалы сатыў қәрежетлериниң ярымы қаплап бериледи; халықаралық тендерлерде қатнасыў бойынша консалтинг хызметлерин көрсететуғын кәрханаларға қәрежетлердиң 80 проценти қаплап бериледи.

Барлық экспортшыларға теңдей шараят жаратып, оларды қоллап-қуўатлаўдың бирден-бир системасын жаратамыз. Оған 1 миллиард доллар қаратамыз.

Ҳүрметли исбилерменлер!

Бүгинги күнде дүньяда базарлар ушын гүрес күн сайын күшейип бармақта, ҳәттеки, ири мәмлекетлер де өз базарларын исенимли қорғамақта.

Бундай жағдайда өз өними менен сырт елге шығып атырған исбилермен ҳеш қашан өзин жалғыз сезбеўи керек. Енди қай жерде жаңа имканият ямаса базар ашылса, елши биринши болып, яғный, биринши болып исбилерменниң қолынан услап, оның менен бирге жүреди. Бир сөз бенен айтқанда, дипломатлар "исбилерменлер елшисине" айланып, тийкарғы ўақтын усыған жумсайды.

Бүгинги күнде Өзбекстан экспортының 60 проценти 20 мәмлекетке туўра келмекте. Әҳмийетлиси, исбилерменлеримиз бул мәмлекетлердеги бәсеки, талап ҳәм стандартларға бейимлескен. Бул базарларға экспортты 2-3 есеге арттырыў имканияты барма? Бар! Буны усы базарлардың сырларын жақсы билетуғын исбилерменлеримиз бенен ислеймиз.

Тийкарғы экспорт базарымыз болған 20 мәмлекетте ҳәм бул бағдарда үлкен перспективаға ийе болған және 5 мәмлекетте белсене жумыс алып барып атырған исбилерменлеримизге "экспорт елшиси" статусын беремиз. Бул "елшилер"ди сол мәмлекетке ең көп экспорт етип атырған исбилерменлердиң өзи таңлайды.

"Экспорт елшилери" исбилерменлеримизге саўданың қайсы бағдарында ислеў пайдалы, қандай сертификат алыў керек, маркетинг бойынша жәрдем береди. Олар бул бағдарды раўажландыратуғын мәмлекетте исбилерменлик сапарлары ҳәм жасаў қәрежетлерин қаплаймыз.

Экспорт бойынша мүддети өткен қарыздарлық ушын жәриймаларға "мораторий" жыл ақырында жуўмақланады. Өзиңиз көрип турсыз, дүньяда тыныш емес жағдай бақланбақта. Бундай шараятта исбилермен сыртқы машқалалар менен гүресиўден тысқары жәрийма да төлеўге мәжбүр болады.

Соның ушын ойланып, төмендеги шешимге келдим. Экспортшылар жылдың ақырына шекем қарыздарлықты қаплаў ушын валютаны банктеги есап бетине жайластырса, бул экспорт түсимлери сыпатында есапқа алынады. Усы тәризде кәрханаларында 380 мың жумысшы мийнет етип атырған 3 мыңнан аслам экспортшының машқалалары биротала шешиледи.

Енди товар экспорты ушын төлем келип түспеген болса да, экспортқа қойылған шеклеўди алып таслаймыз. Инвойс тийкарында экспорт етиўде де алдыннан түсимниң 50 процентин тәмийинлеў талабы бийкар етиледи. Саўда үйлери ҳәм дистрибюторлар арқалы әмелге асырылатуғын экспорт бойынша валюта түсимин тәмийинлеў мүддети 180 күннен 365 күнге шекем создырылады. Суд қарары экспортёр пайдасына шыққан шәртнамалар бойынша жәрийма қолланыў тоқтатылады.

Ҳүрметли исбилерменлер!

Бесинши бағдар бойынша - бизнеске ҳәкимшилик басымды кескин азайтыў мәселесин көрип шығамыз.

Биз бизнеске салық жүгин избе-из азайтып бармақтамыз. Өткен он жылда жасырын экономиканың үлеси 50 проценттен 26 процентке қысқарды. Бирақ бул еле көп. Мен бәрқулла айтаман, экономиканы "саядан" шығарыў тексериўлер арқалы емес, керисинше, исбилерменге жол көрсетиў, оны дурыс ислеўге үйретиў арқалы әмелге асырылыўы керек.

Мәселен, 5 мың исбилерменниң жумысы талланып, олардың ярымынан көби жыл даўамында 2-3 мәрте, және 21 проценти 4 мәрте салық тексериўинен өткерилген. Буннан тысқары, өрт қәўипсизлиги, қурылыс, санитария, карантин ҳәм энергетика инспекциялары тәрепинен көплеген қайта тексериўлер өткерилмекте.

Түсиниў керек: тынышлық болмаған жерде еркинлик те, раўажланыў да, жаңалыққа умтылыў да болмайды. Усы мүнәсибет пенен киши бизнес жумысы шеңберинде инсан саламатлығы ҳәм басқа исбилерменлердиң мәплерине зыян жеткериў менен байланыслы болмаған ҳәр қандай тексериўлерге үш жыл мүддетке мораторий жәрияланады.

Және бир жақсы жаңалық, енди орта ҳәм ири исбилерменлер өз кәрханасына ықтыярый профилактикалық тексериў өткерсе, салық уйымы оның жуўмағын тән алады. Әҳмийетлиси, анықланған нызамбузыўшылықты сапластырған исбилермен жәриймаға тартылмайды ҳәм салық уйымы бул дәўир ушын тексериў өткермейди.

Өрт қәўипсизлиги, қурылыс, санитариялық ҳәм карантин хызметлериниң басшылары да бул жаңалықты өз системаларына жедел енгизиўи керек.

Соның менен бирге, жыл даўамында өткерилетуғын ҳәр қандай қайта тексериўлер тек ғана Бизнес-омбудсманның руқсаты менен әмелге асырылады.

Бүгинги күнде бизнести раўажландырыў ушын тек ғана тартымлы салық системасының өзи жетерли емес. Ҳәзирги ўақытта 51 мәкеме финанслық жәрийма салыў ўәкиллигине ийе. Жәрийманың бир бөлеги уйымға келип түскенлиги ушын айырым басшылардың "тексерсе - қорқады, қорқса - төлейди" деген көзқарасы бар.

Қадағалаўшы уйымларды ескертемен: жәрийма қаржы жыйнаўға емес, тараўда тәртип-интизам ҳәм профилактиканы тәмийинлеўге хызмет етиўи керек. Бул бағдарда барлық түрдеги жәриймаларды орташа 2 есеге қысқартамыз.

Сондай-ақ, исбилерменлер тәрепинен өним жеткерип берилгеннен кейин мәмлекетлик кәрханалар тәрепинен шәртнама бойынша төлемлерди кешиктириў жағдайлары да ушыраспақта. Нәтийжеде исбилерменлер саўдаларда қатнасыў ушын төленген гиреў пулын өз ўақтында ала алмай атыр.

Буннан былай, қабыл етилген өним бойынша гиреў қаржылары автоматикалық түрде қайтарылатуғын система енгизиледи.

Келеси жылдан исбилермен ҳәм мәмлекет арасындағы келиспеўшиликлерди көрип шығыўда "исбилерменниң ҳақлығы презумпциясы" принципин енгиземиз. Исбилерменниң айыбы судта анықланбағанша, ол айыпсыз есапланады, жәрийма ҳәм басқа да тәсир илажлары қолланылмайды.

Соның менен бирге, исбилерменлерге экономикалық ҳәм финанслық жәрийма салыўда "Биринши қәтелик ушын - ескертиў" қағыйдасын енгиземиз. Қағыйдалар биринши мәрте бузылған жағдайда пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына, басқалардың мүлкине зыян жеткерилмеген жағдайда, исбилерменлерге кемшиликлерди сапластырыў ушын он күнлик мүддет бериледи.

Суд тәрепинен исбилерменниң пайдасына шығарылған ислер бойынша мәмлекетлик уйымларға шағым етиў ушын жетерли тийкарлар болмаса да, жумыс соңғы инстанцияға шекем алып барылатуғын жағдайлар көп ушырасады.

Себеби, мәмлекетлик уйымлар судқа шағым киргизиўде бажы төлеўден азат етилген. Енди қадағалаў уйымлары биринши инстанциядан кейинги ҳәр бир басқышта судқа мүрәжат еткени ушын мәмлекетлик бажы төлеўи шәрт.

Саўда-санаат палатасы жанында Салық келиспеўшиликлери бойынша эксперт кеңесиниң жумысы жолға қойылғаны унамлы нәтийжелер бермекте. Бул Кеңеске бажыхана, қурылыс, санитария, карантин ҳәм ветеринария тараўларындағы келиспеўшиликлерди көрип шығыў ўәкиллиги де бериледи.

Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў мүддетлериниң бузылыўына байланыслы наразылықлар көп. Соның ушын исбилерменликке байланыслы мәмлекетлик хызметлердиң 50 проценти "үндемейсең - келисим беремиз" принципи тийкарында көрсетиледи. Яғный, арза белгиленген мүддетте көрип шығылмаса, бул мүрәжат автоматикалық түрде исбилерменниң пайдасына шешилген болып есапланады.

Буннан тысқары, Бизнес-омбудсман лицензия алыўдан бас тартылған ҳәр бир жағдайды үйренип барады. Бундай арзаға тийкарсыз бас тартқаны ушын жуўапкершиликти күшейтемиз.

Жақын келешекте 30 дан аслам жумыс түри бойынша лицензия ҳәм руқсатнамалар бийкар етиледи, және 35 түри бойынша бериў мүддетлери 2-3 есеге қысқарады, 10 түри бойынша болса хабардар етиў тәртибине өтемиз. Мәселен, азық-аўқат өнимлерин экспорт етиўде талап етилетуғын 3 - ветеринария, санитария ҳәм фитосанитариялық рухсатнамалар орнына "Бирден-бир саламатлық сертификаты" бериледи.

Енди жаңа лицензия ҳәм рухсатнама берилиўинен алты ай алдын олар үш аймақта сынақтан өткериледи.

Және бир мәселе - әсиресе, исбилерменниң мүлкине қадаған қойыў бойынша орынлаў ҳүжжетлери бойынша бизнес ўәкиллеринде көплеген наразылықлар пайда болмақта. Жақын күнлерде орынлаў бойынша өз алдына мәжилис өткерип, барлық мәселелерди шешемиз.

Қәдирли ўатанласлар!

Усы жылдың басынан берли елимизге 8 миллион сырт ел туристи келген болып, олардың бул жерде болыў мүддети 8 күнге шекем көбейтилген.

Хорезм ўәлаяты халқының өзи айтсын: туризм тараўындағы реформаларымыз аймақ халқының турмыс дәрежеси ҳәм дәраматларына тәсири сезилмей ме?

Сизлердиң итибарыңызды тараўдың раўажланыўына қосымша түртки беретуғын жаңа имканиятларға қаратпақшыман.

Мийманхананы қурыў, реконструкциялаў ҳәм үскенелеўге 50 миллион доллар ресурс ажыратылады. Онда, исбилерменлерге миллий валютада 16 процентлик кредитлер он жыл мүддетке ажыратылады. Сондай-ақ, үш, төрт ҳәм бес жулдызлы мийманханалар қурыў ушын субсидия бериў мүддетин және еки жылға созамыз.

Енди субсидия алыў ушын мийманхана категориясын тастыйықлаўда сырт ел компанияларының жуўмағын мәжбүрий бериў әмелияты бийкар етиледи. Мийманханалар ушын жер ҳәм мүлк салығын 10 есеге азайтылған ставкада төлеў бойынша жеңилликти 2030-жылға шекем создырамыз. 50 ден аслам орынға ийе мийманханаларда нақ валютаны қабыллайтуғын банкоматларды банклердиң өзи орнатады.

Туроператорлардың сырт елли туристлерге көрсеткен хызметлерин экспортқа теңлестирип, қосымша қун салығынан азат етемиз. Туристлик автобус, электробус ҳәм микроавтобусларды алып келиўде бажыхана жеңилликлерин және бир жылға созамыз. Буннан тысқары, бул транспорт түри ушын утилизация жыйымы да өндирилмейди.

Ҳүрметли исбилерменлер!

Бүгин сизлер менен елимиз экономикасының раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығатуғын тийкарғы ўазыйпаларды додаладық.

Бәрқулла есте сақлаң: биз 40 миллионлық халықпыз. Халқымыздың турмыс сапасын буннан былай да арттырыў ушын болса жоқары экономикалық өсиўди ҳәзирги дәрежеден төмен болмаған ҳалда сақлап қалыўымыз зәрүр. Быйыл жалпы ишки өнимди 180 миллиард доллардан, экспортты болса 40 миллиард доллардан арттырыў бойынша оғада жоқары шеклерди белгилеп алғанбыз.

Усы мақсетте исбилерменлеримиз жоқары дәраматлы жумыс орынларын көбейтиўи, қосымша қунды арттырыўы ҳәм сыртқы базарларға жедел кирип барыўы ушын барлық шараятларды жаратыўды даўам еттиремиз.

Өз гезегинде, исбилерменлеримиз де жаңа өсиў ноқатларын таўып, жаңа идея ҳәм технологияларды енгизиў, жаңа өнимлер ҳәм базарларды өзлестириўге умтылыўы керек.

Ташкентли исбилерменлер, кәрхана ийелери "тек сыртқы базарға, экспортқа ислеймиз" деген баслама әтирапында бирлесип, әмелий жумысларға өтсе, шынында да кең көлемли өзгерислер жүз береди!

Әндижан, Ферғана ҳәм Наманган исбилерменлери ишки тоқымашылық ҳәм машина қурылысы базары ямаса шийки зат экспорты менен шекленип қалмастан, өндиристиң толық шынжырын өзлестирсе, оғада үлкен муғдарда қосымша қун жаратылады. Мен исенемен, олар буны ислей алады!

Самарқанд, Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларында туризм ҳәм креатив индустрияны жаңа имканиятлар майданына айландырыў, агросанаат тармағында халықаралық брендлерди ашыў бойынша пайдаланылмаған үлкен потенциал бар. Бул имканияттан толық пайдаланыў керек!

Наўайы ҳәм Ташкент ўәлаятларында кәншилик, металлургия санааты кәрханалары ҳәм химия илими бирлесип, илимпазлар ҳәм ислеп шығарыўшылар бирге ислесиўи керек! Усы тәризде бул аймақлар пүткил санаатымыз ушын үлкен шийки зат базасына айланыўы мүмкин.

Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья агросанаат, нефть-газ ҳәм химия тармақларында шийки зат сатыўды тоқтатып, таяр өнимлердиң ең узын ҳәм пайдалы шынжырларын жаратса, экономикада қандай үлкен өсиў болады!

Қарақалпақстанлылар "жасыл" тараў, IT ҳәм жасалма интеллектти экономиканың "драйверине" айландырса, жаңа әсир технологиялары усы жерде жаратылады. Мыңлаған жасларымыздың турмысы, исбилерменлеримиздиң жумысы жаңа мазмун-мәнис пенен байыйды.

Биз Жиззақ ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында автомобиль қурылысы, электротехника ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў тараўларында ең күшли кластер системасын жаратпақтамыз. Исбилерменлеримиз дүнья базарында бәсекиге шыдамлы болыўы ушын ең алдынғы технологияларға ийе, өниминиң өзине түсер баҳасы ең төмен болыўы керек.

Бул бизиң санаатымыздың абзаллығы болады.

Булардың нәтийжесинде ўатанласларымыздың сырт елге жумыс ислеўге барыўына зәрүрлик қалмайды, олар өз елинде жоқары дәраматқа ийе болады, Жаңа Өзбекстанның исбилерменлери раўажланыўдың жаңа басқышына шығады.

Бул режелерди әмелге асырыў ушын бизде күш, имканият ҳәм потенциал жететуғынына исенемен.

Қәдирли дослар, ҳүрметли исбилерменлер!

Сизлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўде елимизде заманагөй пикирлейтуғын, өз бизнесин кеңейтиў ушын жаңалықларға умтылатуғын исбилерменлердиң жаңа әўлады қәлиплесип атырғанына исеним пайда еттим.

Бул елимиздиң ертеңги күнине, раўажланыўына беккем исеним оятатуғын үлкен күш болып есапланады.

Өсиў, раўажланыў ҳәм жаңа ойлап табыўлар ушын бәрқулла тек ғана алға барың!

Сизлердиң артыңызда бәрқулла қоллап-қуўатлайтуғын күшли мәмлекет, ҳуқық ҳәм мәплериңизди қорғайтуғын нызам, ийгиликли басламаларды әмелге асырыўда сизлерге тилеклес болған Президент бар.

Сизлерди Исбилерменлер күни менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақлық қут-берекет, жумысларыңызда табыслар тилеймен.