Әмелий бирге ислесиў, бәринен бурын, саўда, санаат кооперациясы, энергетика, транспорт, экология, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында жоқары пәт пенен раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Барлық дәрежедеги жедел алмасыўлар айрықша атап өтилди. Жетекшилер ерисилген келисимлерди өз ўақтында әмелге асырыў ҳәм шерикликти жаңа жойбар ҳәм басламалар менен байытыўға хызмет етип атырған еки мәмлекет Президентлери Администрациялары арасындағы тығыз бирге ислесиўди қоллап-қуўатлады.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан басшылары регионаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысты, болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режесин көрип шықты.