Чувашия Республикасы делегациясы Наўайы ўәлаятында болды
Усы жылдың 21-22-октябрь күнлери Москва ўәлаятында болып өткен Россия ҳәм Өзбекстан аймақларының II Кеңеси шеңберинде Наўайы ўәлаяты делегациясы Россия Федерациясының бес ўәлаяты менен бир қатар ҳүжжетлерге қол қойды. Атап айтқанда, сапар даўамында Наўайы ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Чуваш Республикасы Министрлер Кабинети арасында саўда-экономикалық, илимий-техникалық, мәдений ҳәм социаллық-гуманитарлық тараўларда халықаралық ҳәм сыртқы экономикалық байланысларды әмелге асырыў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.