Ҳүкимет қарары менен (466-сан, 24.07.2025-жыл) "Пахта шийки затын жетистириў ушын ажыратылған жеңиллетилген кредитлерди өним жылы жуўмағына шекем қайтарған аўыл хожалығы субъектлерине усы кредит бойынша төленген процент төлемлериниң бир бөлегин субсидия сыпатында қайтарыў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.
Реже пахта шийки затын жетистириў ушын Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының кредит ресурслары есабынан ажыратылған жеңиллетилген кредитлер бойынша төленген процент төлемлериниң 4 процент пунктин субсидия сыпатында қайтарыў тәртибин белгилейди.
Режеге бола, субсидия алыўшы пахта шийки затын жетистириў ушын ажыратылған жеңиллетилген кредитлер ҳәм есапланған процент төлемлерин өним жылы 31-декабрьге шекем толық қайтарған болыўы керек.
Арзалар коммерциялық банктиң Бас офиси "Subsidiya.mf.uz" порталы арқалы жибериледи.
Коммерциялық банк тәрепинен барлық мағлыўматлар "Subsidiya.mf.uz" порталына толық киргизилип, арза қәлиплестирилгеннен соң ажыратылатуғын субсидия муғдары автомат тәризде есаплап шығылады.
Субсидия алыўшының салықлар ҳәм мәжбүрий төлемлерден қарызы болмағанда, субсидия қаржыларынан еркин пайдаланады.








