Бул ҳаққында Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги мәлим етти.

Атап өтилиўинше, Агентлик Египет тәрепи менен сөйлесиўлер алып барды ҳәм өнимлер бойынша фитосанитариялық рухсатлар алынды. Египет тәрепи менен сөйлесиўлер алып барды ҳәм өнимлер бойынша фитосанитариялық рухсатлар алынды.

Өнимлер жиберилиўинен фитосанитариялық қадағалаўдан өткерилип, Египет ушын карантин әҳмийетине ийе зыянкеслерден жырақ екенлиги тастыйықланғаннан соң фитосанитариялық рухсатнама рәсмийлестириледи.

Халықаралық талапларға муўапық, ҳәр бир жүк ISPM №7 ҳәм ISPM №12 стандартларына муўапық фитосанитариялық сертификат пенен рәсмийлестирилиўи белгиленген.

Египет - 110 миллионнан аслам халыққа ийе, Африка ҳәм Жақын Шығыс регионындағы ең ири тутыныў базарларынан бири. Мийўе-овощ өнимлерине болған талап жыл даўамында бар. Соның ушын Египет ҳәр жылы жүз мыңлаған тонна жаңа үзилген өнимлерди импорт етеди.

Мағлыўмат орнында, бүгинги күнде Өзбекстаннан Египетке 25 түрдеги өнимди экспорт етиў ушын фитосанитариялық рухсатлар алынған.

Жаңа түрдеги өнимлерге фитосанитариялық рухсатнамалар алыныўы Өзбекстан ушын экспорт географиясын кеңейтиў, Жақын Шығыс ҳәм Африка базарларына кириў ушын "көпир" жаратыў, аўыл хожалығы өнимлериниң мәўсимлик сатыў дәўирин созыў имканиятын береди.