Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Гурбангули Бердимуҳамедовты БМШтың Теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясы жоқары дәрежеде өткерилип атырғаны менен қызғын қутлықлап, оның күн тәртибине киргизилген мәселелер регионымыздың турақлы раўажланыўы ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.

Усы жылдың апрель айында Самарқанд қаласында болып өткен ушырасыўда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан-Түркменстан жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Дослық, өз-ара исеним ҳәм улыўма мәплерди есапқа алыў принциплерине тийкарланған көп қырлы бирге ислесиўдиң пәти артып баратырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Барлық дәрежелерде нәтийжели ҳәм жедел сөйлесиўлер даўам етпекте. Жыл басынан берли товар алмасыў 600 миллион долларды қурады. Санаат, энергетика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы, экономиканың басқа да тармақларында кооперация тереңлесип бармақта.

Биргеликте "Шават-Ташаўыз" шегараалды саўда зонасы шөлкемлестирилмекте, жедел аймақлараралық байланыслар ҳәм гуманитарлық алмасыўлар даўам еттирилмекте.

Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўларға таярлық шеңберинде ҳүкиметлераралық комиссиялардың мәжилислери, Исбилерменлер кеңеси, Аймақлар форумы, бир қатар мәдений илажлар өткерилиўи нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, БМШ конференциясының күн тәртиби ҳәм усы жылы гүзде Ташкент қаласында өткерилиўи режелестирилген Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.