Кейинги жыллары елимизде жерден, соның ишинде, атыз шетлери, каналлар ҳәм коллекторлар бойынан өнимли пайдаланыў бойынша бир қатар басламалар әмелге асырылмақта.
Президентимиздиң 2024-жыл 30-декабрьдеги "Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында"ғы қарарында да бул бағдардағы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.
Атап айтқанда, атыз шетинен нәтийжели пайдаланған аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерди қоллап-қуўатлаў бойынша ишки фитосанитариялық сертификат бир жыл даўамында бийпул бериледи.
Мағлыўматларға қарағанда, елимиз ерик экспорты бойынша дүньяда үшинши, черешня ҳәм шабдал бойынша жетинши, мәш ҳәм басқа да собықлы өнимлер жетистириў бойынша болса оныншы орынға шықты.
Және бир факт. Елимизде жетистирилетуғын мийўе-палыз өнимлерин Франция базарына жеткерип бериў кейинги жылларда он есеге артқан. Улыўма етип айтқанда, мийўе-палыз экспорты бойынша сырт елде де талапкерлер саны артпақта. Мысалы, Қубла Азия мәмлекетлери. Ендиги мәселе мине усы базарлар ушын жетерли дәрежеде сапалы өнимлер жеткерип бериў.
Мәмлекетимиз басшысының бул қарары усы мақсетке мөлшерленген көплеген мәселелерге шешим болғаны менен әҳмийетли.
- Ҳүжжетте атыз шетлери ҳәм де каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданларда және халықтың қыйтақ жерлери, үйлер ҳәм көп қабатлы жайлар алдында, мәҳәллениң ишки көшелеринде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм көбейтиў арқалы мәмлекеттиң экспорт көрсеткишлерин арттырыў мақсетинде бир қатар ўазыйпалар белгиленген, - дейди Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги басқарма баслығының орынбасары Шавкат Худойбердиев. - Бунда аймақлардың топырақ-ықлым шараятына сәйкес туқым ҳәм нәллер таңлап алынып, тийкарғы түрдеги егин ямаса нәллер егиледи. Мәселен, қәрели, бийе, жүзим, бадам, тут сыяқлы нәллерди егиў режелестирилмекте. Буның тийкарғы себеби, дүнья базарларын үйренгенимизде усы мийўе-палыз өнимлерине талап жоқары екенлиги анықланды.
Қарарда Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигине жоқарыда санап өтилген орынларда өним жетистириў, аўыл хожалығы субъектлерине туқым ҳәм нәллер жеткерип бериў ўазыйпасы жүкленди. Сондай-ақ, агентлик жетистирилген өнимлерди экспортқа бағдарлаўды шөлкемлестиреди.
Көпшиликти бул жерлерден пайдаланыўда халықтың қатнасы қандай болады, деген сораў қызықтыратуғыны тәбийий. Бул бағдарда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерге атыз шетлерин екилемши ижараға бериўди шөлкемлестириў ушын атыз шетлерине байланыслы мағлыўматлар агентлик тәрепинен “Agroko‘makchi” мобиль бағдарламасында кең жәмийетшиликке жәрияланып барылады. Буннан тысқары, ҳәр жылы 1-февральға шекем тийисли жыл өними ушын атыз шетлеринде егин егиў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм жетистирилетуғын өнимниң прогноз көрсеткишлери бойынша жергиликли ҳәкимликлердиң қарары қабыл етиледи.
Ҳәзирги күнлерде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде Республикалық ҳәм аймақлық жумысшы топарлар дүзилип, бул бағдардағы жумыслар баслап жиберилди.
Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң Ферғана ўәлаяты басқармасы баслығы Абдуҳалим Саидовтың айтыўынша, ҳәзирги күнде ўәлаятта жумысшы топар дүзилип, атыз шетлери ҳәм де каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапында пайдаланыў мүмкин болған алты мың гектарға шамалас майдан анықланған.
Бул жерлердиң 1 400 гектарына шийе, 1063 гектарына қәрели, 709 гектарына беҳи, 768 гектарына жүзим, 650 гектарына бадам ҳәм және сонша майданда тут нәллери егиў белгиленди. Ҳәзирги күнде нәллерди егиў баслап жиберилген.
Бунда Қува районындағы Қыйтақ жер участкаларын раўажландырыў илимий-әмелий орайы жақыннан жәрдем бермекте. Орайда “in-vitro” усылында нәллер жетистириледи. Ҳәзирги күнде бул жерде 30 миллионға шамалас мийўели нәллер резерви жаратылды.
- Ҳүжжет декабрь айында қабыл етилгениниң өзине тән себеби бар. Себеби аўыл хожалығы жылы гүзде басланады, - дейди Ш.Худайбердиев. - Сентябрь айында аўыл хожалығы жылы жуўмақланып, 2025-жылдың экспорт көлемин есап-санақлап болдық. Қыс айларында тийкарынан жер таярлаў мәселесине итибар қаратылады. Қарарда болса бул бағдардағы жумыслар анық көрсетип өтилген.
Ҳүжжетте келтирилгениндей, атыз шетлерине екилген “in-vitro” усылында жаратылған мийўели нәллерди сатып алыў қәрежетлериниң 50 проценти муғдарында, бирақ ҳәр бир мийўели нәлге 25 мың сумнан аспаған ҳалда Агросанаатты раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қорынан белгиленген тәртипте субсидия ажыратылады.
Жерден нәтийжели пайдаланыў кейинги жылларда жүдә әҳмийетке ийе екенин айтыў керек. Бул елимиздиң мийўе-палыз экспортында да сезилерли өзгерислерге себеп болды.
Қарар жерден пайдаланыўшыларға бир қатар жеңилликлер ҳәм қолайлықлар жаратыў менен бирге, жуўапкершилик те жүклейди. Енди ҳәр жылы 1-апрельге шекем атыз шетлерине егин егилмеген ҳәм жыл даўамында өним жетистирилмеген жағдайлар анықланғанда, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерге олардың барлық аўыл хожалығына мөлшерленген жерлери ушын жер салығы ставкасы үш есе муғдарында есапланады. Соның менен бирге, аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорынан белгиленген тәртипте ажыратылатуғын кредит ресурслары есабынан қаржыландырыў тоқтатылады. Атыз шетлерин екилемши ижараға алған ижарашыларға Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы тәрепинен базалық есаплаў муғдарының он есесине шекемги муғдарда жәрийма қолланылады.
- Ең әҳмийетлиси, усы жылдан баслап аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилер атыз шетлерин өзлестириў ҳәм өним жетистириў ушын зәрүр болған туқымлар, нәллер, минерал төгинлер, химиялық препаратлар, материаллық-техникалық ресурслар менен тәмийинленеди, - дейди Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң орайлық экспорт штабының баслығы Ҳусниддин Исмоилов. - Буннан тысқары, таңлаў, сақлаў, қадақлаў ҳәм заманагөй "шок" усылында музлатылған ҳалда сырт мәмлекетлерге экспорт етиўде жәрдемлеседи.
Буның ушын агентлик жыл даўамында дәраматлы егинлер егиў ҳәм оларды экспорт етиў ушын мийўе-палыз өнимлерин экспорт етиўши исбилерменлердиң талапларын үйренеди. Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў мәмлекетлик инспекторлары ҳәр бир аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерге өз алдына бириктириледи.
Сондай-ақ, суў менен тәмийинлеў ушын насос ҳәм трубаларды орнатыў қәрежетлериниң 50 проценттен көп болмаған бөлегин қарыз алыўшының банк карталарына өткериў жолы менен 6 айға шекем жеңиллетилген дәўир менен 12 ай мүддетке, жыллық Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан 4 процентлик пункт жоқары ставкада кредитлер ажыратылады.
Және бир әҳмийетли мәселе атыз шетлери, үйлер ҳәм көп қабатлы турақ жайлар алдындағы жер майданлары, мәҳәллениң ишки көшелерине байланыслы мағлыўматларды санластырыў менен байланыслы. Бул бағдарда Суў хожалығы министрлиги каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданларды, Кадастр агентлиги ҳәм Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы болса халық жасаў мәнзилиндеги жерлерди Геомәлимлеме системасына киргизеди. Агентлик болса бул мағлыўматларды “e-Fitouz” автоматластырылған мәлимлеме системасына интеграция етеди. Бул өз гезегинде мийўе-палыз жетистириўшилердиң нызамлы мәплерин қорғаўда үлкен әҳмийетке ийе.
Жуўмақлап айтқанда, мәмлекетимиз басшысының бул қарары мийўе-палыз экспортын арттырыў, ишки мүтәжликлерди қанаатландырыў ҳәм ең тийкарғысы, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде бир қатар қолайлықлар жаратады.
Лутфулла СУВОНОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы