Жас шахматшыларымыз Ашхабадта сыйлы орын ийеледи

    Спорт 23 маусым 2025 1036

    Түркменстан пайтахты Ашхабадта 8, 10 ҳәм 12 жасар балалар арасында шахмат бойынша өткерилген халықаралық турнирде Өзбекстан сайланды командасы улыўма командалық есапта 2-орынды ийеледи.

    Атап өтилиўинше, Европа ҳәм Азияның 11 мәмлекетинен 129 қәбилетли жас шахматшылар қатнасқан турнирде Өзбекстан сайланды командасы ағзалары рапид ҳәм блиц бағдарларында 4 алтын ҳәм 3 гүмис медалына ийе болды.

    Өткерилген ойынлардың жуўмағына бола, Түркменстан сайланды командасы 1-орынды, Қазақстан ўәкиллери 3-орынды ийеледи.

    Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине Түркменстан Миллий жетекшиси Гурбангули Бердимуҳамедов атындағы қайырқомлық қорының саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates