Александр Беглов мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар тиледи.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан аймақларының Санкт-Петербург қаласы менен еки тәреплеме әмелий бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыў, жаңа кооперациялық жойбарларды алға қойыў, жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириўге қаратылған биргеликтеги илажларды қабыл етиўге айрықша итибар қаратылды.