Усы жылдың январь-сентябрь айларында мәмлекетимиз экономикасы 7,6 процентке өсип, прогноз көрсеткишлеринен сезилерли дәрежеде жоқары болды. Санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 6,8 процентке, қурылыс жумыслары 14,2 процентке, хызмет көрсетиў 14 процентке, аўыл хожалығы 4,1 процентке артты.
Алтын-валюта резервлери өткен жылға салыстырғанда 35 процентке өсип, 55 миллиард долларға жетти. Абырайлы халықаралық рейтинг агентликлери мәмлекетимиздиң экономикалық перспективаларын жоқары баҳалайды. Соның ишинде, Fitch Ratings агентлиги биринши мәрте Өзбекстанның суверен рейтингин бир басқышқа көтерди, Moody’s ҳәм S&P Global болса күтиўлерди "турақлы"дан "унамлы"ға өзгертти.
- Ең әҳмийетлиси, ерисилген нәтийжелер халқымыздың абаданлығын арттырыўға хызмет етпекте, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Халықтың дәраматлары 18,4 процентке, депозитлер көлеми 35,3 процентке, орташа мийнет ҳақы 19,2 процентке артты. Сораўлар соны көрсетпекте, халық ҳәм исбилерменлер арасында исеним артып, жумысқа орналасыў ҳәм дәрамат көбейиў имканиятлары кеңеймекте.
Президентимиз жылдың ақырына шекем жоқары өсиў пәтлерин сақлап қалыў ҳәм жалпы ишки өним көлемин 135 миллиард доллардан арттырыў экономикалық комплекстиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири екенин атап өтти.
Сын көзқарас руўхында өткен мәжилисте келеси жыл ушын тийкарғы режелер көрип шығылды.
Жуўапкерлер 2026-жылы экономиканың өсиў пәтин 6,6 процентке жеткериў, жалпы ишки өнимниң көлемин 150 миллиард доллардан асламға жеткериў, барлық дәреклер есабынан экономикаға кеминде 400 триллион сум қаратыў, инфляция дәрежесин 7 проценттен арттырмаў режелестирилип атырғанын мәлим етти.
Президентимиз бул мақсетлерге ерисиў ушын барлық имканият ҳәм шараятлар бар екенин атап өтип, министрликлер, тармақлар ҳәм аймақлар басшыларының итибарын және де арттырыўды талап ететуғын әҳмийетли мәселелерди көрсетип өтти.
2026-жылғы бюджет жойбарында әмелдеги салық ставкаларын сақлап қалыў нәзерде тутылмақта. Бундай шараятта бюджет дәраматларын избе-из арттырып барыў, бюджет қаржыларының нәтийжели жумсалыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, келеси жылы қәрежетлерди қысқартыў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў барлық дәрежедеги басшылар жумысының тийкарғы өлшемине айланады.
Стратегиялық тармақларда өзине түсер баҳаны азайтыў ҳәм бәсекиге шыдамлылықты арттырыў, жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың дивиденд сиясатын тәртипке салыў, субсидия ҳәм жеңилликлердиң нәтийжелилигин таллап, нәтийжесизлерин бийкарлаў, жасырын экономиканың үлесин азайтыў, район ҳәм қала бюджетлериниң дәрамат базасын арттырыў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.
Халықаралық финанс институтларының қаржылары қатнасыўындағы жойбарларды жеделлестириў, жаңа жойбарлар әмелдеги жойбарлар жуўмақланғаннан кейин қаржыландырылатуғын системаға өтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Министрлик ҳәм уйымлардың бюджеттен тысқары қаржылары қалдықларының ярымын арнаўлы қорға қаратыў, бул қаржыларды мектеплер қурыў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыўға жумсаў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәжилис жуўмағында 2026-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет жойбарының тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.