Усы қутлы әййямда сизлерге - өзиниң бийтәкирар таланты, билим ҳәм шеберлиги менен халқымызға садықлық пенен хызмет етип киятырған көркем өнер шеберлери, жас атқарыўшылар, барлық тараў хызметкерлерине пидәкерлик мийнетиңиз ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремиз.
Соңғы жыллары мәмлекетимизде мәденият ҳәм көркем өнер системасын заман талаплары тийкарында раўажландырыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Тараўдың материаллық-техникалық базасы, кадрлар потенциалы беккемленип, хызметкерлердиң дөретиўшилик мийнети мүнәсип хошаметленбекте, театр, кино, музей ҳәм мәдений илажлар арқалы халыққа көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы избе-из арттырылмақта.
Заманагөй басқарыў механизмлериниң енгизилип атырғаны, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жаңа дөретиўшилик жойбарлардың әмелге асырылып атырғаны, санлы технологиялар, алдынғы тәжирийбелердиң жедел әмелиятқа енгизилип атырғаны, мәдений контент жаратыў көлеминиң кеңейип атырғаны мәденият мәкемелериниң жумыс нәтийжелилиги ҳәм тартымлылығын буннан былай да арттырыўға хызмет етпекте.
Кейинги жыллардың өзинде елимизде 2 театр, 19 мәденият орайы, 16 музей, 20 музыка ҳәм көркем өнер мектеби және 5 жоқары оқыў орны шөлкемлестирилип, мәкемелер заманагөй үскенелер менен тәмийинленбекте, 125 тарийхый-мәдений мийрас объектинде оларды сақлаў ҳәм реставрациялаў бойынша зәрүр жумыслар әмелге асырылды.
Өткен жылы сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнерди буннан былай да раўажландырыў бойынша айрықша қарар қабыл еттик. Ташкентте Өзбекстан Миллий музейи имаратының қурылысы басланды. Усы жылы Орайлық көргизбелер залы, Көркем өнер көргизбелери дирекциясының фонд имараты, Павел Беньков атындағы Республикалық көркем өнер мектебинде қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары әмелге асырылып, тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў бойынша зәрүр илажлар көрилди.
Және бир әҳмийетли бағдар сыпатында өзбек мәдений дипломатиясы избе-из раўажланбақта. Абырайлы халықаралық форумлар, таңлаўлар, фестиваллар, мәденият күнлери турақлы өткерип келинбекте. Атап айтқанда, өткен жылы ЮНЕСКО Бас конференциясының Самарқандтағы сессиясы, Бухарада биринши Халықаралық заманагөй көркем өнер биенналеси, Нөкисте Арал мәденияты саммити, Хорезмде Түркий дүнья мәденияты форумы, Ташкентте Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан мәденият министрлериниң биринши ушырасыўы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди.
Ең әҳмийетлиси, көркем өнер тараўындағы халықаралық процесслерде мәмлекетимиздиң қатнасыўы кеңейип, абырайы артпақта.
Өзбекстан көркем өнер шеберлериниң Европаның абырайлы мәденият орынларындағы шығыўлары сырт елли ықласбентлерде үлкен қызығыўшылық оятпақта. Австрияның Залсбург қаласындағы Grosses Festspielhaus сахнасында болып өткен "Ләзги" балетиниң премьерасын атап өтиў керек. Өзбекстан Миллий балети атқарыўындағы "Руўх ҳәм муҳаббат аяқ ойыны".
Усы жылдың 9-апрель күни және бир жетекши көркем өнер орайларынан бири - Musikverein сахнасында Саҳыпқыран Әмир Темурдың 690 жыллығына бағышланған опера шығармасы қойып берилди.
Миллий кино көркем өнеримизди раўажландырыў, атап айтқанда, "Тири тарийх" дүркиминдеги жоқары идеялық ҳәм көркем дөретпелер жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар дәслепки нәтийжелерин бермекте. Өткен жылы мәмлекетлик буйыртпа тийкарында 123 фильм сүўретке алынып, тамашагөйлер итибарына усынылды.
Тек ғана өткен жылдың өзинде тараўда көп жыллардан берли хызмет етип киятырған 35 хызметкер турақ жай менен тәмийинленди. Мәденият тараўы хызметкерлериниң мийнет ҳақысы орташа 35 процентке көбейтилди. Драматурглер ушын Маҳмудхожа Беҳбудий, жас режиссёрлар ушын Баҳодир Йулдошев, жас атқарыўшылар ушын Ботир Зокиров, жергиликли ҳәм сырт ел дөретиўшилери ушын "Келажак мероси" халықаралық сыйлықлары шөлкемлестирилди.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Бүгин мәденият ҳәм көркем өнер тараўын руўхый тәрбия қуралы ҳәм креатив экономиканың әҳмийетли тармағы сыпатында раўажландырыў, дөретиўшилик индустриясын қоллап-қуўатлаў, мәдений хызметлер базарын хошаметлеў, тараў өнимлериниң експортын кеңейтиў әҳмиетли ўазыйпамыз болып қалмақта. Жаңадан шөлкемлестирилип атырған "Креатив индустрия парки" мине усы мақсетлерге хызмет етеди. 2030-жылға шекем креатив экономиканың жалпы ишки өнимдеги үлесин 5 процентке жеткериў бойынша үлкен шек алғанбыз.
Әлбетте, бул үлкен режелер ҳәм басламаларды әмелге асырыўда сизлердиң - пидайы инсанлардың орныңыз шексиз. Сизлердиң билим ҳәм тәжирийбеңиз, дөретиўшилик потенциалыңыз бенен миллий мәдениятымызды жаңа басқышқа алып шығатуғынымызға исенемен.
Биз тараўды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, дөретиўшилик ҳәм техникалық хызметкерлердиң мийнетин мүнәсип қәдирлеўге буннан былай да тийкарғы әҳмийет қаратамыз.
Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, жаңа дөретиўшилик табыслар, шаңарақларыңызға тынышлық-парахатшылық ҳәм қут-берекет тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти