Мәжилисте дүньядағы ҳәзирги жағдай ҳәм сыртқы базарлардағы өзгерислер экспорт шынжырлары ҳәм өнимлерди жеткерип бериў мүддетлерине унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин екенлиги атап өтилди. Бундай шараятта қосымша резервлерди анықлаў ҳәм оларды жедел иске қосыў тийкарғы ўазыйпаға айланатуғыны атап өтилди.

Пайтахтымыз миллий экономикамызда айрықша орын ийелейтуғыны атап өтилди. Ҳәзирги күнде жалпы ишки өнимниң 21 проценти Ташкент қаласының үлесине туўра келмекте. Быйылғы жылды "Пайтахтты жедел раўажландырыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў жылы" деп жәриялап, қала экономикасының 12 процентке өсиўин тәмийинлеў, 3,6 миллиард долларлық экспортқа ерисиў, 9 миллиард доллар инвестиция тартыў, 616 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша үлкен шеклер қойылды.

Усы мүнәсибет пенен қала ҳәкими, оның 12 орынбасары ҳәм 12 район ҳәкими санаат, экспорт, инвестиция ҳәм туризм тараўларындағы пәсейиўди компенсациялаў бойынша жедел жумысларды шөлкемлестириўи зәрүр екенлиги атап өтилди. Президентимиз буның ушын пайтахтымызда ҳәм мийнет ресурслары, ҳәм қаржы имканиятлары жетерли екенлигин атап өтти.

Мәжилисте усы жылы жаңаша қатнас тийкарында қаладағы 12 район анық санаат ямаса хызмет көрсетиў тармақларына қәнигелестирилетуғыны атап өтилди.

Атап айтқанда, Бектемир районы химия санааты ҳәм көтере саўда, Мырза Улығбек районы кабель санааты, илим, билимлендириў ҳәм IТ, Мирабад районы азық-аўқат санааты, туризм ҳәм улыўма аўқатланыў, Учтепа районы зергерлик буйымлары, турмыслық хызметлер ҳәм усақлап сатыў, Чиланзар районы фармацевтика, саўда, хызмет көрсетиў ҳәм спорт, Шайхантаҳур районы мебель қурылысы ҳәм гастрономиялық туризм, Юнусабад районы қағаз санааты ҳәм туризм, Яшнабад районы электротехника ҳәм транспорт-логистика, Яккасарай районы жеңил санаат ҳәм қаржы хызметлери, Янгиҳаёт районы автомобиль қурылысы ҳәм логистика, Алмазар районы қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм билимлендириў, Сергели районы металлургия, логистика ҳәм автосервис тараўларына қәнигелестириледи.

Атап өтилгениндей, Ташкент қаласында кейинги еки ҳәптеде стандарт емес усынысларды ислеп шығыў мақсетинде 23 мыңнан аслам исбилермен менен ушырасыў өткерилип, 1 мың 300 ден аслам машқала анықланған, 162 жаңа усыныс ҳәм басламалар келип түскен. Көтерилген мәселелер ҳәм билдирилген усыныслардың ҳеш бири итибардан шетте қалмаўы керек екенлиги атап өтилди.

Пайтахтта өзине тән инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын енгизиў арқалы жаңа тәжирийбе жаратыў режелестирилген. Атап айтқанда, бизнес ушын руқсатнама ҳәм лицензия бериў ўәкилликлерин тийисли министрликлер ҳәм уйымлардан олардың аймақлық бөлимлерине өткериў, экспортшы кәрханаларды қоллап-қуўатлаўда жаңаша қатнасларды енгизиў, исбилерменлердиң логистика машқалаларын жедел шешиў системасын жаратыў, айланба қаржы менен тәмийинлеў ҳәм бизнести кеңейтиў ушын жеңиллетилген шәртлерде қаржыландырыўдың жаңа механизмлерин ислеп шығыў нәзерде тутылған.

Исбилерменлердиң машқала ҳәм усынысларын жедел шешиў ушын өз алдына Муўапықластырыўшы кеңес шөлкемлестириў усынысы билдирилди. Оған "драйвер" тармақлар тийкарында районларды раўажландырыў, экономикалық ҳәм социаллық конюнктураны турақлы мониторинг етип барыў, өсиў ноқатлары ҳәм иске қосылмай атырған резервлерди анықлаў, системалы тосқынлықларды сапластырыў, идея ҳәм басламаларды қәлиплестириў, қаржыландырыў ҳәм әмелге асырыў ўазыйпалары жүкленеди.

Улыўма, барлық имканиятларды иске қосып, қосымша 88 триллион сумлық өним ислеп шығарыў, 4,9 миллиард долларлық экспорт, 5 миллиард доллар инвестиция тартыў, 2,9 триллион сум бюджет түсимин тәмийинлеў, 65 мың 500 жоқары дәраматлы ҳәм турақлы жумыс орнын жаратыў ўазыйпасы қойылды.

Сондай-ақ, усы жылы Ташкентке қосымша 500 миллион доллар тартыў ушын пайтахтымыздың евробондларын шығарыў усыныс етилди.

Пайтахт исбилерменлерин Ташкент, Наўайы, Қашқадәря, Әндижан, Бухара ҳәм Ферғана ўәлаятларының ири санаат кәрханалары менен байланыстырып, локализациялаў ҳәм кооперацияны кеңейтиў бағдарламасын тастыйықлаў бойынша тапсырма берилди.

Келешекте ири халықаралық консалтинг компанияларын тартқан ҳалда, Ташкент қаласының экономикасын комплексли таллаў ҳәм оны раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.