"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, шемби ҳәм
екшемби күнлери республика аймағының көпшилик бөлиминде жаўын-шашынсыз
ҳаўа-райы сақланып турады, тек ғана Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья
ўәлаятларының айырым жерлеринде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, айырым жерлерде
гүлдирмама болыўы мүмкин.
19-апрель, екшемби күни Ферғана ойпатының айырым
аймақларында да бираз жаўын жаўыўы мүмкин.
Республиканың арқа-батыс районларында 19-апрель
екшемби күни айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи
күтиледи, шаң-тозаң болыўы мүмкин.
Ҳаўаның температурасы дем алыс күнлери әсте-ақырын
көтерилип, екшемби күни күндизги ўақытлары 20-25 дәрежеге шекем, қублада 26-28
дәрежеге шекем жылыйды.
Республиканың таўлы аймақларында 17-19-апрель күнлери
ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, бийик таўларда жаўын-шашын (жаўын, қар) болады.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда сел-суў өтиўи мүмкин.
Ташкентте бүгин ҳәм дем алыс күнлери ўақты-ўақты менен
азмаз қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы бүгин күндиз
14-16гр жыллы, шемби күни 19-21гр жыллы, екшемби күни 21-23гр жыллы.
Самал шығыстан күшсизден орташаға шекем еседи.