Мәмлекетимиз басшысы дәслеп ҳәкимлик жанында Салор каналының
үстине қурылған көпирди көзден өткерди, аймақты абаданластырыў жумысларын
көзден өткерди ҳәм бул жерге нәл отырғызды. Буннан соң район ҳәкимлиги
имаратында жаратылған шараятлар менен танысты.
Президентимиз 1992-1996-жыллары Мырза Улығбек районының
ҳәкими лаўазымында ислеп, оның социаллық-экономикалық раўажланыўына үлкен үлес
қосты. Ҳәкимлик имаратында мәмлекетимиз басшысына районға басшылық еткен дәўир
көринисинде қайта тикленген хызмет бөлмеси ҳәм хызмет автомашинасы көрсетилди.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының ҳәким ўақтында қабыл етилген ең әҳмийетли
қарарлардың көргизбеси шөлкемлестирилди. Көзден өткериў ўақтында Президент сол
ўақыттағы жумысы ҳаққындағы еске алыўлары менен бөлисти.
Усы ўақытқа шекем Мырза Улығбек районында жәмийетлик қәўипсизлик,
транспорт, социаллық қоллап-қуўатлаў, коммуналлық хожалық, қаржы, банк сыяқлы
30 ға шамалас шөлкем өз бағдары шеңберинде, бөлек-бөлек жумыс алып барып
келген. Бир пүтин системаның жоқ екенлиги пуқаралардың мүрәжатларын жедел
шешиўди оғада қыйынластырып, артықша ўақыт ҳәм әўерегершиликке себеп болып
атырған еди.
Енди ҳәкимликте ситуациялық орай шөлкемлестирилип, онда
жасалма интеллект тийкарында машқалаларды таллаў, жедел анықлаў ҳәм шешиўге
мөлшерленген "Ақыллы район" платформасы енгизилди. Әҳмийетлиси,
райондағы барлық мәҳәлле ўәкиллери менен онлайн байланыста болыў, жағдайдан
турақлы хабардар болыў имканияты жаратылған.
Бул жерде социаллық ҳәм коммуналлық машқалаларды мониторинг
етиў, халықтың мүрәжатларының орынланыўын қадағалаў, айрықша жағдайларда
тийисли хызметлердиң жумысын оператив басқарыў ҳәм муўапықластырыў
тәмийинленеди.
Платформа қурамындағы "Қәўипсиз аймақ" системасы
ҳуқықбузарлықларды мониторинг етиў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге
хызмет етеди. Исбилерменлик субъектлериниң санлы картасы жасалма интеллект
анализи тийкарында салық түсимлерин прогнозлаў ҳәм олардың жыйналыўын
арттырыўға қаратылған. «AI
Davomat» системасы мектеплерде сабақларға тийкарсыз қатнаўдың алдын
алыў, жас өспиримлер арасында қарамаўсыз қалыў жағдайларының алдын алыўда үлкен
әҳмийетке ийе.
Бундай платформалар Чиланзар, Шайхонтоҳур ҳәм Алмазар
районларында да иске қосылған.
Президентимиз ситуациялық орайдың жумысы менен танысып, бул
жаңа системаны пайтахтымыздың қалған районларында да енгизиў бойынша тапсырма берди.
Сондай-ақ, ўәлаят ҳәкимлери, прокурорлар, ишки ислер, қәўипсизлик хызметлери,
салық уйымларының басшылары Мырза Улығбек районына барып, бул тәжирийбени
үйрениўи зәрүр екенлиги атап өтилди.