Соңғы жыллары Өзбекстанда қурылыс материаллары санааты жедел раўажланбақта. Өндиристи кеңейтиў менен бирге заманагөй саўда ҳәм хызмет көрсетиў инфраструктурасын қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

«Pavilion» комплекси мине усындай қатнастың әмелий көриниси болды. Жойбарды әмелге асырыў ушын 25 миллион доллар инвестиция қаратылған. Ол 4,6 гектар майданда жайласқан болып, улыўма қурылыс көлеми 42 мың квадрат метрди қурады. Оған тутас аймақта 1 мың автомобильге мөлшерленген тоқтаў орны шөлкемлестирилген.

Үш қабатлы комплексте дүканлар, кең жоллар, ашық жәмийетлик орынлар, келиўшилерге қолайлы хызмет көрсетиў ушын барлық шараятлар жаратылған. Әҳмийетлиси, бул жерде қурылыс материаллары саўдасының тәртипли, заманагөй ҳәм қарыйдарлар ушын қолайлы болған жаңа форматы жаратылмақта.

Жойбардың және бир әҳмийетли нәтийжеси - 2 мың жумыс орны жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысына комплекстиң жумысы ҳәм имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Президентимиз қурылыс өнимлери дүканларын көзден өткерди.

Комплекстиң 500 саўда орнында қурылыс ҳәм оңлаў ушын кең түрдеги товарлар сатылатуғыны атап өтилди. Онда, өнимлердиң бар-жоқлығы ҳәм баҳалары ҳаққындағы мағлыўматлар бирден-бир электрон платформа арқалы билип алыныўы тәмийинленеди. Бул саўдалардың ашық-айдынлығын тәмийинлеп, исбилерменлерге де, қарыйдарларға да қосымша қолайлық жаратады.

Комплекс жылына 3 миллионға шамалас адамға хызмет көрсетиў имканиятына ие.

Қәўипсизлик мәселелерине айрықша итибар қаратылды: пүткил аймақ 500 заманагөй камерадан ибарат видеобақлаў системасы менен қамтып алынған.

Президентимиз бул объект тек ғана ири саўда майданшасы емес, ал қурылыс материаллары базарында сапа, сервис ҳәм саўда мәдениятының жаңа стандартларын қәлиплестиретуғын заманагөй орын болыўы керек екенлигин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкент тарийхында он еки дәрўазаға ийе болғанын еслетип, пайтахт әтирапында ҳәр қыйлы бағдарларға қәнигелескен усындай заманагөй саўда орайларын шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.

- Халқымыздың турмыс дәрежеси жақсыланып, талабы да артып бармақта. Бундай саўда орынларында миллий өнимлерди көбирек усыныс етиў, жергиликли ислеп шығарыўшыларды тартыў, логистиканы дурыс шөлкемлестириў керек, - деди Президент Шавкат Мирзиёев.