Мәмлекетимизде мәҳәллелер инфраструктурасын жетилистириў,
оларда Жаңа Өзбекстан көринисин қәлиплестириў ҳәм халық ушын мүнәсип турмыс
орталығын жаратыў тийкарғы бағдарлардан бири етип белгиленген.
Бул бағдарда быйыл 26-февральда қабыл етилген
"Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы" Мәмлекетлик
бағдарламасында мәҳәллелерди заманагөй тийкарда комплексли раўажландырыў,
олардың социаллық-экономикалық потенциалын арттырыўға қаратылған әҳмийетли
бағдарлама үлги болып хызмет етпекте.
Пайтахтымыздың Мырза Улығбек районындағы Бағимайдан
мәҳәллеси бүгин пүткиллей жаңаша көриниске ийе болды. 1987-жылы
шөлкемлестирилген бул мәҳәлледе 41 көп қабатлы турақ жай, 1 мың 990 квартирадан
ибарат 5 мың 500 ге шамалас халық жасайды.
Аймақта халық ушын заманагөй инфраструктура жаратылған. Атап
айтқанда, 20 балалар ойын майданшалары, 11 workout майданшасы, 3 мини-футбол майданшасы ҳәм теннис корты
шөлкемлестирилген. Еки мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине дерлик 500 бала
қамтып алынған.
Экономикалық белсендиликти арттырыў, халықтың бәнтлигин
тәмийинлеўге де айрықша итибар қаратылмақта. Бүгинги күнде бул жерде 70 тен
аслам исбилерменлик субъекти жумыс алып барып, жумыссызлықты азайтыў,
шаңарақлардың дәраматын арттырыўға хызмет етпекте. Атап айтқанда, мәҳәлледеги 1
мың 48 жастан 949 ы жумыс пенен тәмийинленген.
Жасыл аймақларды сақлаў ҳәм кеңейтиў бойынша да жумыслар
избе-из алып барылмақта. Усы мақсетте 2022-жылы экопарк шөлкемлестирилди.
Бүгинги күнде 4,5 мыңға шамалас теректи өз ишине алған бағ кексе әўлад ҳәм
жаслардың сүйикли дем алыў орнына айланған. Бул жерде мәҳәлледеги
социаллық-руўхый орталықты беккемлеўге хызмет ететуғын "Нураныйлар
мәсканы" да жумыс алып бармақта.
Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлледе қәўипсиз орталықты тәмийинлеў
бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың презентациясы менен танысты.
Ҳәзирги ўақытта турақ жайлардың кириў топарлары бақлаў камералары ҳәм қорғаў
пультлери менен тәмийинленген. Адамлардың ҳәм автотранспорт қуралларының
кирип-шығыўы заманагөй технологиялар тийкарында қадағаланбақта.
Президентимиз халық ушын жаратылған шараятларды көзден
өткерди, нураныйлар ҳәм мәҳәлле белсендилери менен сәўбетлести. Абат ҳәм абадан
мәҳәлле жәмийеттиң таянышы екени, тынышлық-татыўлық ҳәм жәмийетлик
аўызбиршиликти беккемлеў бәрқулла әҳмийетли ўазыйпа болып қалып атырғаны атап
өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлледе шөлкемлестирилген сүмелек
байрамында да болып, халық ҳәм балалар менен сәўбетлести. Буннан тысқары, спорт
майданшасында шуғылланып атырған жаслар менен ушырасып, физикалық тәрбия ҳәм
саламат турмыс тәризи ҳәр тәреплеме бәркамал инсан болып жетилисиўинде әҳмийетли
екенлигин айрықша атап өтти.