Пәрман менен 2026-2030-жылларға мөлшерленген "Жаңа
Өзбекстан жаслары - 2030" стратегиясы тастыйықланды ҳәм оның тийкарғы
бағдарлары белгилеп берилди.
Пәрманға муўапық, 2026-жыл 1-июльға шекем мәмлекетлик емес қосымша
билимлендириў хызметлерин көрсетип атырған ҳәм жоқары нәтийжелерге ерискен субъектлердиң
оқытыўшылары сырт еллердеги алдыңғы билимлендириў орайларына стажировкаға
жибериледи.
Алыс ҳәм шетки аймақларда шет тиллерин оқытыў бойынша
мәмлекетлик емес қосымша билимлендириў хызметлерин көрсетиўди шөлкемлестириў
ушын процентсиз кредит алған ҳәм жумысын кеңейтиў тилегинде болған субъектлерге
БЕМның 730 есесине шекемги муғдарда процентсиз кредитлер ажыратылады.
2027-жыл 1-январьдан баслап турақ жайға мүтәж жас
шаңарақларға бирлемши базардан квартира сатып алыў ушын ипотека кредитлерин
төмендеги тәртипте ажыратыў жолға қойылады:
- ипотека бағдарламасы шеңбериндеги ипотека кредитлери бойынша
процент төлемлериниң Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан артқан бөлеги Мәмлекетлик
бюджеттен қаплап бериледи;
- ипотека кредити төмендеги тийкарғы социаллық нормаларға
жуўап беретуғын жас шаңарақларға ажыратылады:
- Арза бериўши ҳәм оның зайыбының (ҳаялының) жасы 30 жастан
аспаўы керек;
- арза бериўши ҳәм оның зайыбы (ҳаялы) атына соңғы 3 жылда
мүлк ҳуқықы тийкарында көшпес мүлк жоқлығы.