Халықаралық қатнасықлардың бүгинги трансформациясы ҳәм
глобал қәўип-қәтерлердиң күшейип баратырған шараятында, географиялық жақтан
алыслыққа қарамастан, Өзбекстан ҳәм Чехия еки тәреплеме бирге ислесиўди избе-из
кеңейтип, оған системалы ҳәм көп қырлы характер бермекте. Сиясий сөйлесиўдиң
кеңейиўи, саўда-экономикалық шерикликтиң беккемлениўи ҳәм гуманитарлық бирге
ислесиўдиң жеделлесиўи шерикликти тереңлестириўден тәреплердиң өз-ара
мәпдарлығын сәўлелендиреди.
Ташкент ҳәм Прага арасындағы турақлы байланыслардың
қәлиплесиўи 1993-жыл 1-январьда дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанынан берли
өз-ара бирге ислесиў тәжирийбесине сүйенеди. Еки мәмлекет жетекшилери
арасындағы байланыслар еки тәреплеме сөйлесиўдиң әҳмийетли элементи болып
есапланады. Мәселен, 2025-жыл 23-сентябрь күни Өзбекстан Президенти Шавкат
Мирзиёев БМШ Бас Ассамблеясының 80-сессиясы шеңберинде Чехия Президенти Петр
Павел менен ушырасыў өткерди, бул ҳәр қыйлы тараўлардағы биргеликтеги
жойбарларға жаңа пәт бағышлаў имканиятын берди.
Өзбекстан ҳәм Чехия көп тәреплеме майданларда бирге
ислесиўди муўапықластырыўға айрықша итибар қаратпақта. Мәмлекетлердиң сыртқы
сиясий уйымлары арасындағы байланыслар халықаралық илажлар шеңберинде турақлы
әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, 2023-жылы Люксембург қаласында болып өткен
"Өзбекстан - Европа Аўқамы" бирге ислесиў кеңеси мәжилисинде,
сондай-ақ, Скопей қаласында болып өткен ЕҚБШ Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң
мәжилиси шеңберинде Өзбекстан ҳәм Чехия сыртқы ислер министрлериниң еки
тәреплеме ушырасыўлары болып өтти.
2024-жыл сентябрь айында Нью-Йорк қаласында БМШ Бас
Ассамблеясының 79-сессиясы шеңберинде болып өткен ушырасыўда еки мәмлекет
сыртқы ислер министрлери ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў
бағдарындағы умтылысларын тастыйықлады ҳәм өз-ара бирге ислесиўди тереңлестириў
перспективаларын додалады.
2024-жыл октябрь айында Чехия сыртқы ислер министри Ян
Липавский рәсмий сапар менен Ташкентке келди, оның шеңберинде Бас министрдиң
орынбасары, сыртқы ислер министри ҳәм Өзбекстанның басқа да рәсмий шахслары
менен ушырасыўлар болып өтти, бул тәреплер арасындағы сиясий сөйлесиў турақлы
екенин және бир мәрте атап өтти.
Экспертлердиң пикиринше, Чехияның Ташкенттеги әмелдеги
елшиханасына қосымша түрде Прагада Өзбекстан елшиханасының рәсмий ашылыўы
системалы сөйлесиўди және де беккемлеў ҳәм барлық бағдарларда өз-ара пайдалы
бирге ислесиўди кеңейтиў жолында әҳмийетли қәдем болады.
Өзбекстан-Чехия қатнасықларын раўажландырыўда
парламентлераралық ҳәм уйымлараралық бирге ислесиў үлкен әҳмийетке ийе. Еки
мәмлекеттиң нызам шығарыўшы уйымлары арасындағы байланыслар избе-из раўажланып,
және де системалы түрге енбекте. 2017-жыл февраль айында Чехия Парламенти
Депутатлар палатасының баслығы Ян Гамачектиң Өзбекстанға сапары парламент
байланысларының раўажланыўына қосымша пәт бағышлаған әҳмийетли басқышлардан
бири болды.
Кейинги жыллары бирге ислесиў өз-ара сапарлар ҳәм
мәсләҳәтлесиўлер форматында даўам еттирилди. 2025-жылы Парламентлераралық бирге
ислесиў топарларының дүзилиўи бирге ислесиўди институционалластырыўдың сапа
жағынан жаңа басқышы болды.
Соның менен бирге, экономика, санаат, аўыл хожалығы,
денсаўлықты сақлаў, билимлендириў сыяқлы кең тармақларды қамтып алған
уйымлараралық бирге ислесиў жедел раўажланбақта. Бул бағдарда экономикалық, санаат
ҳәм илимий-техникалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан-Чехия ҳүкиметлераралық
комиссиясы тийкарғы роль атқармақта, оның оныншы мәжилиси 2025-жыл 18-март күни
Прагада болып өтти.
Өзбекстан - Чехия
саўда-экономикалық бирге ислесиўи еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмиетли
бағдарларынан бири болып, әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм санаат
кооперациясын тереңлестириўден тәреплердиң өз-ара мәпдарлығын сәўлелендиреди. Өз-ара
саўда Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы келисимлерде нәзерде тутылған ең қолайлы
режим шеңберинде әмелге асырылмақта.
Кейинги жылларда өз-ара саўда динамикасы толқынлы,
бирақ, улыўма алғанда, жоқарылап бармақта. 2021-2022-жылларда көрсеткишлер
төменлегеннен кейин турақлы тиклениў бақланбақта. Еки тәреплеме товар алмасыў
көлеми 2022-жылы 184,8 миллион долларды қураған болса, 2023-жылы 344,2 миллион
долларға, 2024-жылдың жуўмағында 434,7 миллион долларға жетти.
Өзбекстан експортының тийкарын санаат ҳәм азық-аўқат
товарлары, таяр ҳәм химия өнимлери, хызметлер қурайды. Өз гезегинде, Чехиядан
импорт тийкарынан машина ҳәм транспорт үскенелери, химия санааты өнимлери ҳәм
санаат товарларынан ибарат.
Экономикалық бирге ислесиўдиң әмелий өлшеми қоспа
кәрханалардың жумысында өз көринисин табады. Кейинги жылларда Өзбекстанда Чехия
капиталының қатнасыўындағы кәрханалар, соның ишинде, 100 процент сырт ел
қатнасыўындағы кәрханалар санының турақлы артыў тенденциясы бақланбақта. Бул
чех инвесторларының Өзбекстан базарына қызығыўшылығы артып атырғанын, бизнес
жүргизиў ушын қолайлы шараятлар бар екенлигин көрсетеди.
Мәденият тараўындағы бирге ислесиў Өзбекстанда
өткерилетуғын халықаралық илажларда Чехия дөретиўшилик топарларының турақлы
қатнасыўы менен характерленеди. Чехия музыкалы ансамбльлери Самарқандта
өткерилип атырған "Шарқ тароналари" халықаралық фестивалында дәстүрий
түрде қатнасып келмекте. ЮНЕСКОның жәрдеминде Ташкентте шөлкемлестирилген
халықаралық жаз фестивалларында Чехия жаз топарларының қатнасыўы мәдений
сөйлесиўди раўажландырыўға үлкен үлес қосты.
Театр ҳәм әдебий өз-ара қатнасықлар айрықша орын
иелейди. 2016-жылы пайтахтымыздағы "Ильҳом" театрында Ярослав
Гашектиң "Мәрт әскер Швейктиң тәжирийбелери" романы тийкарында
сахналастырылған сахнаның премьерасы өткерилип, бул чех әдебий мийрасының
Өзбекстан мәдений мәканына интеграцияланыўының үлгиси болды. 2022-жылы
Ташкентте Чехияның классикалық ҳәм заманагөй музыка ҳәм поэзия кешеси де болып
өтти.
Билимлендириў ҳәм илим тараўы
бирге ислесиўдиң ең жедел раўажланып атырған бағдарларынан бири болып
есапланады. Еки мәмлекеттиң жетекши университетлери арасында турақлы шериклик
байланыслары орнатылған, қоспа билимлендириў бағдарламалары ҳәм изертлеў
жойбарлары әмелге асырылмақта. 1997-жылдан баслап Чехия ҳүкимети ҳәр жылы
Өзбекстан пуқараларына жоқары оқыў орынларында билим алыўы ушын стипендия ажыратып
келмекте. Соның менен бирге, академиялық мобилликтиң турақлы унамлы динамикасы
бақланбақта - егер 2020-жылы Чехияда 350 ге шамалас өзбекстанлы студент оқыған
болса, 2025-жылға келип олардың саны 650-700 ге жетти. Техникалық,
экономикалық, аграр ҳәм IТ қәнигеликлери
оқытыўдың тийкарғы бағдарлары есапланады.
Қәнигелестирилген көргизбелер, соның ишинде, 2023-жылы
Өзбекстанның түрли қалаларында Чехияның жетекши жоқары оқыў орынларының
қатнасыўында өткерилген "Чехия Республикасында инглис тилинде
үйрениў" илажлары билимлендириў имканиятларын үгит-нәсиятлаўдың қосымша
қуралы болды.
Гуманитарлық байланыслардың
раўажланыўында 2011-жылы шөлкемлестирилген Прагадағы Чехия-Өзбекстан дослық
жәмийети әҳмийетли роль атқармақта. Шөлкемниң жумысы еки мәмлекет жәмийетшилиги
ўәкиллериниң өз-ара мәплерин беккемлеў ҳәм байланысларын кеңейтиўге хызмет
ететуғын мәдений, илимий ҳәм ағартыўшылық илажларды өткериўге қаратылған.
Өзбекстан-Чехия қатнасықларының бүгинги жағдайы барлық
тийкарғы бағдарларда - сиясий сөйлесиў ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўден
баслап саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўге шекем
избе-из раўажланып атырғаны менен характерленеди. Заманагөй халықаралық күн
тәртибиндеги шараятта Ташкент ҳәм Прага прагматизм, өз-ара ҳүрмет ҳәм бир-бириниң
мәплерин есапқа алыўға тийкарланған өз-ара пайдалы шерикликти тереңлестириўге
умтылысын көрсетпекте. Өзбекстан-Чехия байланысларының буннан былай да
беккемлениўи тек ғана еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўға емес, ал
Өзбекстанның улыўма Европа бағдары менен бирге ислесиўин кеңейтиўге хызмет
етеди.
Усы мәниде, Чехия Бас министри Андрей Бабиштиң
Өзбекстанға болажақ сапары әмелий бирге ислесиўди және де тереңлестириўде
әҳмиетли басқыш сыпатында баҳаланбақта. Оның жуўмақлары бойынша, бәринен бурын,
санаат, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм транспорт-логистика тараўларында қоспа
жойбарларды әмелге асырыўға қосымша түртки берилиўи күтилмекте.
"Дунё" МА.