Ҳүжжетке муўапық, "Өзбекгидроэнерго" АЖ жумысының нәтийжелилигин арттырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:

  • 2026-жылдың ақырына шекем 114 МВт ислеп шығарыў қуўатлықларын иске түсириў ҳәм 7,1 миллиард кВт/саат электр энергиясын ислеп шығарыў;
  • 2032-жылдың ақырына шекем республикада:
  • улыўма қуўатлылығы 1 400 МВт болған гидроаккумуляциялаўшы электр станцияларын қурыў;
  • 3 266 МВт қосымша қуўатлықларды жаратыў арқалы гидроэнергетика қуўатлықларын 2,4 есеге арттырыў.

"Өзбекгидроэнерго" АЖин турақлы раўажландырыў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў мақсетинде:

  • жәмийет қаржылары есабынан бир басқышлы жойбарлаў (жумысшы жойбар) тийкарында жоллар, электр жеткерип бериў тармақлары ҳәм басқа да инфраструктуралық объектлердиң қурылысын әмелге асырыў;
  • перспективалы аймақларда жойбарлаў-излеў жумысларын сапалы әмелге асырыў ушын "Гидропроект" АЖ ҳәм "Ўзсувлойиҳа" АЖның ушыўшысыз ушыў аппаратларын сатып алыў ҳәм олардан пайдаланыў;
  • "Өзбекгидроэнерго" АЖ системасындағы шөлкемлердиң жәмийеттиң өзи ҳәм оның шөлкемлери тәрепинен өткерилетуғын мәмлекетлик сатып алыўларда қатнасыўы.