Қорғаныў министрлигиниң Орайлық әскерий клиникалық госпиталында мәмлекетимиз басшысы Акмал ата Акрамов, Вера Журавская, Ҳасанбай ата Халматов ҳәм Владимир Алексейков пенен қызғын сәўбетлесип, олардың ҳал-жағдайын, денсаўлығын сорасты, машақатлы өмир жолын, мәртлик көрсеткенин айрықша атап өтти.
- Сизлер тарийхтың тири гүўасысыз, мәртлик ҳәм жигерлилик тымсалысыз. Сизлердей уллы инсанлар менен ушырасыў, сизлердиң үгит-нәсиятларыңызды тыңлаў имканияты бизге үлкен руўхый күш бағышлайды. Халқымыз сизлер менен ҳақылы түрде мақтанады. Бүгинги тыныш ҳәм еркин күнлер, келешек әўладлардың бахытлы тәғдири сизлердиң шексиз пидайы мийнетиңиздиң нәтийжеси болып есапланады. Сизлердиң ибратлы өмир жолыңыз жасларымыз ушын ҳақыйқый мәртлик мектеби болып есапланады, - деди Президент.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 16-апрельдеги қарарына муўапық, урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет фронты ветеранларына айрықша итибар ҳәм жәрдем көрсетилмекте.
Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары, мийнет фронты ветеранлары, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң шаңарақлары мәмлекетимиздиң турақлы ғамхорлығында. Оларды материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаў менен бирге, денсаўлығын беккемлеў ушын республикамыздың ең жақсы санаторийларына жеңиллетилген жолламалар бериледи.
- Жаратқанның өзи сизлердиң ўатансүйиўшилигиңиз, пидайы мийнетиңиздиң сыйлығы сыпатында узақ өмир, халқымыздың ҳүрмет-иззетинде жасаў бахтына миясар етти. Сизлердиң дуўаларыңыз елимизге абаданлық, жумысларымызға табыс алып келеди, - деди Президент.
Ушырасыўда ветеранлар елимизде тарийхый естеликти тиклеў ҳәм кексе әўлад ўәкиллерин қәдирлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.