"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 10-май күни Өзбекстанның көпшилик аймақларында жаўын жаўады, айырым жерлерде гүлдирмама болады. Айрым жерлерде жаўын-шашын болыўы мүмкин. Салыстырмалы салқын ҳаўа-райы болыўы күтилмекте, күндизги ўақытлары ҳаўаның температурасы 20-25° дәрежеден аспайды.

11-май күни Ташкент ўәлаятында, Ферғана ойпаты ўәлаятларында, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятларында түнде ҳәм азанда ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Республиканың қалған аймақларында жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы 2-3° дәрежеге көтериледи.

9-майда арқа ҳәм шөл аймақларда, 10-11-майда республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, 9-10-майда айырым жерлерде самалдың тезлиги 23-25 м/с қа шекем күшейиўи күтиледи.

Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, 10-11-май күнлери айырым жерлерде күшли жаўын жаўады, гүлдирмама болады. Сел-суў өтиўи мүмкин.

Ташкентте 8-9-май күнлери жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы 8-майда 34-36°, 9-майда 30-32° болады.

10-май - ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Күндизги ўақытлары 20-22° дәреже ыссы.

11-майда - қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 3-8 м/с қа өтип, батыстан тезлиги 10-12 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.