"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 10-май күни Өзбекстанның
көпшилик аймақларында жаўын жаўады, айырым жерлерде гүлдирмама болады. Айрым
жерлерде жаўын-шашын болыўы мүмкин. Салыстырмалы салқын ҳаўа-райы болыўы
күтилмекте, күндизги ўақытлары ҳаўаның температурасы 20-25° дәрежеден
аспайды.
11-май күни
Ташкент ўәлаятында, Ферғана ойпаты ўәлаятларында, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья
ўәлаятларында түнде ҳәм азанда ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын жаўады,
гүлдирмама болыўы мүмкин. Республиканың қалған аймақларында жаўын-шашын
болмайды. Ҳаўаның температурасы 2-3° дәрежеге көтериледи.
9-майда арқа ҳәм
шөл аймақларда, 10-11-майда республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги
15-20 м/с қа шекем күшейиўи, 9-10-майда айырым жерлерде самалдың тезлиги 23-25
м/с қа шекем күшейиўи күтиледи.
Республиканың таў
алды ҳәм таўлы аймақларында ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, 10-11-май күнлери
айырым жерлерде күшли жаўын жаўады, гүлдирмама болады. Сел-суў өтиўи мүмкин.
Ташкентте 8-9-май
күнлери жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы 8-майда 34-36°, 9-майда
30-32° болады.
10-май -
ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Күндизги ўақытлары
20-22° дәреже ыссы.
11-майда - қысқа
мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың бағыты шығыстан
тезлиги 3-8 м/с қа өтип, батыстан тезлиги 10-12 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.