Стратегиялық әҳмийетке ийе тараўлар, соның ишинде, машина қурылысы, аўыл хожалығы, фармацевтика, химия санааты, мәлимлеме технологиялары, киберқәўипсизлик ҳәм туризмде әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, тәреплер еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў ушын беккем ҳуқықый тийкар жарататуғын Экономикалық бирге ислесиў ҳаққындағы келисимниң күшке кириўин қоллап-қуўатлады.

Ушырасыў жуўмағында биргеликтеги жойбарларды жеделлестириў, исбилермен топарлар арасындағы тиккелей байланысларды беккемлеў ҳәм Өзбекстан менен Сербия арасындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге таярлық тастыйықланды.