Стратегиялық әҳмийетке ийе тараўлар, соның ишинде, машина қурылысы, аўыл
хожалығы, фармацевтика, химия санааты, мәлимлеме технологиялары, киберқәўипсизлик
ҳәм туризмде әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, тәреплер еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да
раўажландырыў ушын беккем ҳуқықый тийкар жарататуғын Экономикалық бирге ислесиў
ҳаққындағы келисимниң күшке кириўин қоллап-қуўатлады.
Ушырасыў жуўмағында биргеликтеги жойбарларды жеделлестириў, исбилермен
топарлар арасындағы тиккелей байланысларды беккемлеў ҳәм Өзбекстан менен Сербия
арасындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге таярлық тастыйықланды.