Илажда Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри, генерал-лейтенант Азиз Тошпўлатов қатнасты. Ол шерик мәмлекетлердиң делегацияларына ҳәм ҒМДА аймағында шөлкемлескен жынаятшылыққа ҳәм жынаяттың басқа да қәўипли түрлерине қарсы гүресиўди муўапықластырыў бюросына мәжилисте қатнасқаны ушын миннетдаршылық билдирди.
Өзбекстан Республикасы басшылығының басламасы менен регионда жынаятшылыққа қарсы гүресиў, әсиресе, нәшебентлик қәўип-қәтерлерине қарсы гүресиў тараўында жаңа қатнаслар алға қойылып атырғаны атап өтилди. Бул мәжилис жақында Самарқандта өткерилген жәмийет саламатлығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде трансмиллий нәшебентлик қәўип-қәтерлерине қарсы гүресиўге бағышланған глобал форумның логикалық даўамы екени атап өтилди.
Сондай-ақ, қатнасыўшылар соңғы жыллары ҒМДА мәмлекетлери Ишки ислер министрликлери арасындағы бирге ислесиў беккемленип, халықаралық дәрежедеги оператив-излеў илажларын өткериўде мәлимлеме алмасыў ҳәм өз-ара бирге ислесиў раўажланып атырғанын атап өтти.
Биргеликтеги ҳәрекетлер трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылыққа ҳәм нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиўде сезилерли нәтийжелерге ерисиўге, регионда турақлылық ҳәм қәўипсизликти беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Мәжилис даўамында трансмиллий жынаятшылыққа, соның ишинде, нәшебентлик қылмысларына қарсы гүресиў мәселелери, сондай-ақ, қәўипсизликти тәмийинлеўдиң басқа да әҳмийетли бағдарларын ҳәр тәреплеме додалаў режелестирилген.