2024-жыл жуўмақлары бойынша Ашықлық индекси жәрияланды

    25 сәуір 2025 1151

    Быйылғы жылы баҳалаўда өткен жылға салыстырғанда "жасыл" категорияда баҳаланған мәмлекетлик уйымлардың көлеми 21 процентке көбейип, "қызыл" категориядағылар 15 процентке азайған (оң өсиў көрсеткишлери бойынша).

    Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен 2024-жыл жуўмақлары бойынша Ашықлық индекси жәрияланды.

    Быйылғы жылы баҳалаўда өткен жылға салыстырғанда "жасыл" категорияда баҳаланған мәмлекетлик уйымлардың көлеми 21 процентке көбейип, "қызыл" категориядағылар 15 процентке азайған (оң өсиў көрсеткишлери бойынша). Таллаўларға бола, усы жылы рейтинг нәтийжелери орташа 70 баллды қурап, 2023-жылға салыстырғанда 8 баллға артқан.

    Ең жоқары нәтийжелилик көрсеткишлери "Алмалық кән-металлургия комбинаты" АЖ (91 балл), Салық комитети (90 балл), "Өзавтосанаат" АЖ (89 балл) ҳәм "Наўайы кән-металлургия комбинаты" АЖ (89 балл) тәрепинен көрсетилген.

    Ең жоқары унамлы өсиў «Uzbekistan Airvays» АЖ (+42 балл), Транспорт қадағалаў инспекциясы (+46 балл), Спорт министрлиги (+47 балл), Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги (+52 балл) тәрепинен атап өтилген.

    Мағлыўмат орнында: Индекс 84 баҳалаў критерияларынан қуралған 8 индикатор тийкарында қәлиплестирилип келинбекте. Быйылғы баҳалаўда жәми 98 республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары - министрлик, комитет, агентлик, инспекциялар ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысы қамтып алынды.

    Баҳалаў нәтийжелерине бола, 50 мәмлекетлик уйым "жасыл" (2023-жылы 31), 35 и "сары" (43) ҳәм 13 и "қызыл" (29) нәтийжелилик көрсеткишлерин атап өтти.

    Жуўмақлаўшы нәтийжелер менен https://index.aca.uz/rating арқалы танысыў мүмкин.