Бул баслама мәмлекетлик хызметкерлердиң коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы жуўапкершилигин арттырыў, лаўазымларға ҳадал ҳәм пидайы кадрларды таңлаў, сондай-ақ, басшылардың жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Басшы жуўапкершилиги
Президентимиздиң атап өткениндей, "Реформалар жолындағы ең үлкен тосық ҳәм иркиниш - бул коррупция болып есапланады". Сонлықтан, соңғы жылларда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша институционаллық тийкарлар жаратылды. Соның ишинде, Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси, агентлик шөлкемлестирилди, парламент палаталарында жуўапкер комитетлердиң жумысы жолға қойылды, жәмийетлик қадағалаў механизмлери жаратылды ҳәм ҒХҚға еркинлик берилди.
Коррупцияға қарсы гүресиўдиң ең әҳмийетли тәреплеринен бири басшылардың жеке жуўапкершилиги болып табылады. Президентимиз "Мәмлекетлик хызметкер, бул бәринен бурын халықтың хызметкери. Бул ҳақыйқатты умытыўға ҳеш кимниң ҳақысы жоқ!" деп басшыларды халық мәплери жолында хызмет етиў, коррупцияға қарсы гүресиўде белсенди болыўға шақырды.
Өзбекстанда енгизилип атырған жаңа механизмге бола, министрликлер басшылары лаўазымға тайынланыўдан алдын коррупцияға қарсы гүресиў бойынша анық режелерин Олий Мажлис палаталарында қорғайды. Тап усындай ҳәкимлер де халық депутатлары жергиликли кеңеслерине өз бағдарламасын усынады.
Бул режелерде төмендегилер сәўлелениўи күтилмекте: уйым жумысындағы коррупциялық қәўип-қәтерлерди баҳалаў нәтийжелери; коррупциялық факторларды сапластырыў бойынша анық илажлар, басшының өз тараўында коррупцияның алдын алыў бойынша усыныслары, әмелге асырылатуғын реформалардың анық мүддети ҳәм нәтийже көрсеткишлери.
Жаңа системаның өзине тән тәрепи сонда, басшылардан тек ғана режени усыныў емес, ал оның орынланыўы бойынша да турақлы есап берип барыў талап етиледи. Бул болса басшылардың жуўапкершилигин арттырыў, жумысын парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўға алыўға хызмет етеди.
Парламентлик қадағалаўды күшейтиў
Коррупцияға қарсы гүресиўде парламенттиң роли жаңа басқышқа көтерилмекте. Мәжилисте парламенттиң алдына коррупцияға қарсы гүресиў тараўында бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар қойылды. Олардан бири - басшылардың коррупцияға қарсы гүресиў бағдарламаларын додалаў ҳәм тастыйықлаў.
Бул баслама нәтийжесинде Олий Мажлис палаталары комитетлери басшылардың бағдарламаларын көрип шығыў процесинде олардың коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы потенциалы, билим ҳәм көнликпелерин баҳалаў имканиятына ийе болады. Сондай-ақ, парламент тәрепинен басшының усынып атырған бағдарламаларында келтирилген коррупцияға қарсы гүресиў илажлары қаншелли нәтийжели ҳәм реал екенлиги талланады.
Парламентлик қадағалаў системасының және бир әҳмийетли тәрепи - министрлердиң бағдарламаның орынланыўы ҳаққындағы есабатларын парламент комитетлеринде тыңлаў болып есапланады. Егер министрдиң бағдарламасы әмелге асырыўда нәтийжесиз деп табылса, оған тийисли шаралар көриў, ҳәттеки исенимсизлик билдириў мәселеси көрип шығылыўы ҳәм ҳүкиметке киргизилиўи мүмкин. Бул болса келешекте Өзбекстанда коррупцияға қарсы гүресиўде кең көлемли институционаллық қатнасты тәмийинлеўге хызмет етеди.
Жергиликли кеңеслер - бул иллетке қарсы гүресиўде әҳмийетли буўын
Коррупциялық жынаятлардың 75 проценти район ҳәм мәҳәлледе турмыслық коррупция түринде исленип атырғаны ҳаққындағы мағлыўмат мәжилисте айрықша атап өтилди. Сол себепли де жергиликли дәрежеде коррупцияға қарсы гүресиў механизмлерин күшейтиў айрықша әҳмийетке ийе.
Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңеслериниң қурамы толық жаңаланады. Оларға ўәлаятлық халық депутатлары кеңесиниң баслықлары басшылық етеди. Аймақлық кеңеслердиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири - ҳәкимлердиң коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бағдарламаларын көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў.
Ҳәкимлер өз бағдарламаларын халық депутатлары жергиликли кеңеслеринде қорғап, олардың орынланыўы ҳаққында турақлы есап берип барады. Бул процесс депутатларға ҳәкимлердиң коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы жумысын баҳалаў, сын көзқарастан таллаў ҳәм тийисли усыныслар бериў имканиятын жаратады.
"Аймақлық кеңеслер коррупциялық факторларды анықлап, оларды сапластырыў ушын нызамшылықты өзгертиў, жазаның сөзсиз екенлигин тәмийинлеў бойынша Миллий кеңеске усыныс киргизеди", деди Президентимиз. Бул болса коррупцияға қарсы гүресиўде "төменнен жоқарыға" принципиниң әмелиятқа енгизилетуғынын көрсетеди.
Сырт ел тәжирийбеси
Коррупцияға қарсы гүресиўде нәтийжелерге ерискен сырт еллердиң тәжирийбесине бола, мәмлекетлик хызметке ҳадал ҳәм пидайы кадрларды таңлаў және олардың жумысы үстинен қадағалаўды тәмийинлеў коррупцияны азайтыўдың әҳмийетли факторларынан бири болып есапланады.
Мәселен, Сингапурда мәмлекетлик хызметке талабанлар арнаўлы таңлаў тийкарында таңлап алынады ҳәм олардың коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы билим ҳәм көнликпеси сынақтан өткериледи. Норвегияда болса министрлер ҳәм жоқары лаўазымдағы ҳәмелдарлар парламент алдында турақлы есап берип барады, соның ишинде, коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша да.
Дания, Жаңа Зеландия, Финляндия сыяқлы коррупция дәрежеси төмен мәмлекетлерде басшылық лаўазымларына талабанларды таңлаўда олардың ҳадаллығы ҳәм коррупцияға мүнәсибети әҳмийетли норма болып есапланады. Сондай-ақ, оларда парламентлик қадағалаў системасы жоқары дәрежеде раўажланған.
Өзбекстанда енгизилип атырған жаңа механизм - министр ҳәм ҳәкимлердиң коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бағдарламаларын парламент ҳәм жергиликли кеңеслерде қорғаў системасы - мине, усы халықаралық тәжирийбелерге тийкарланған ҳәм миллий өзгешеликлерди есапқа алған ҳалда ислеп шығылмақта.
"Ҳадаллық вакцинасы" менен шаншыў
Мәмлекетимиз басшысы "Коррупцияның алдын алыў - мәмлекетлик хызметке профессионал ҳәм пидайы кадрларды таңлаў және оларды "ҳадаллық вакцинасы" менен шаншыўдан басланады", деди. Бул метафора коррупцияға қарсы гүресиўдиң профилактикалық илажлары, әсиресе, басшы кадрларды тәрбиялаў ҳәм таярлаўға үлкен итибар қаратылып атырғанын көрсетеди.
Басшылардың коррупцияға қарсы гүресиў бойынша анық режелер дүзиўи ҳәм оларды қорғаўы - "ҳадаллық вакцинасы"ның әҳмийетли қурамлық бөлеги. Бул процесс басшыларды коррупцияға қарсы ислесиўге ийтермелейди. Олардың бул бағдардағы билим ҳәм көнликпелерин арттырады. Сондай-ақ, жәмийетшилик алдында миннетлеме алыўға үйретеди.
Парламент ҳәм жергиликли кеңеслер алдында есап берип барыўы болса ҳәмелдарлардың мойнындағы миннетлемелерди орынлаўы ушын жуўапкершилигин арттырады, олардың жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлейди.
Коррупцияға қарсы гүресиў - улыўма миллий ўазыйпа, ҳәр бир ўатансүйгиш ўатанласымыздың ҳүждан иси болып есапланады. Президентимиз усы пикирди алға қойып, коррупцияға қарсы гүресиўде жәмийетшиликтиң қатнасыўы әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Министр ҳәм ҳәкимлердиң коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бағдарламаларын парламент ҳәм жергиликли кеңеслерде қорғаўы ҳәм олардың орынланыўы ҳаққында есап берип барыў процесслери ашық-айдын түрде өткерилиўи, ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўи белгиленген. Бул болса жәмийетшиликтиң басшылардың жумысын баҳалаў, олардың миннетлемелерин қадағалаў имканиятын арттырады.
Министр ҳәм ҳәкимлер алдындағы жаңа ўазыйпалар
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен усыныс етилип атырған пүткиллей жаңа система шеңберинде министрлер ҳәм ҳәкимлер коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўы зәрүр. Соннан:
биринши - өз тараўы ҳәм аймағындағы коррупциялық қәўип-қәтерлерди терең таллаў;
екинши - тараўы ҳәм аймағында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша анық ҳәм нәтийжели илажларды белгилеў;
үшинши - мәмлекетлик хызметлерди санластырыў ҳәм бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў;
төртинши - коррупцияның алдын алыў бойынша жәмийетшилик пенен бирге ислесиўди күшейтиў.
Буннан тысқары, министрлер ҳәм ҳәкимлердиң бағдарламасында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша анық мақсетлер, оларға ерисиў жоллары ҳәм нәтийже көрсеткишлери сәўлелениўи талап етиледи.
Коррупцияға қарсы гүресиў стратегиясының ажыралмас бөлеги болған бул реформа ақыр-аяғында мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик басқарыўдағы ашық-айдынлықты тәмийинлеў, халық ҳәм мәмлекет арасындағы исенимди беккемлеўге хызмет етеди.
Акром ТАШПУЛАТОВ,
Парламент изертлеўлери институты директоры,
юридикалық илимлер докторы