2025-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет тастыйықланды

    25 желтоқсан 2024 3112

    "2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында"ғы Нызам (ӨРҚ-1011-санлы, 24.12.2024-ж.) қабыл етилди.

    Оған бола, Нызам 2025-жыл ушын Өзбекстанның консолидацияласқан бюджетин қәлиплестириў ҳәм орынлаўға байланыслы қатнасықларды тәртипке салады.

    2025-жыл ушын биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге республика бюджетинен ажыратылатуғын бюджет қаржыларының шекленген муғдарлары тастыйықланды.

    Биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге республика бюджетинен ажыратылатуғын бюджет қаржыларынан тек ғана 2025-финанслық жыл даўамында пайдаланылады ҳәм олар келеси финанслық жылға өткерилмейди.

    2025-жыл ушын Өзбекстанның консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилигиниң шекленген муғдары жалпы ишки өнимниң 3 проценти муғдарында белгиленди.

    2025-жыл ушын төмендегилер тастыйықланды:

    мүлкти ижараға бериўши физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын белгиленген ижара төлеминиң ең кем ставкалары;

    товарлардың айырым түрлери менен усақлап саўда етиў ҳуқықы ушын жыйымлардың шекленген ставкалары;

    сырт мәмлекетлердиң автотранспорт қуралларының Өзбекстанға кирип келиўи ҳәм оның аймағы арқалы транзити ушын жыйымлардың ставкалары.

    Нызам 2025-жыл 1-январьдан баслап күшке киреди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates