Оған бола, Нызам 2025-жыл ушын Өзбекстанның консолидацияласқан бюджетин қәлиплестириў ҳәм орынлаўға байланыслы қатнасықларды тәртипке салады.

2025-жыл ушын биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге республика бюджетинен ажыратылатуғын бюджет қаржыларының шекленген муғдарлары тастыйықланды.

Биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге республика бюджетинен ажыратылатуғын бюджет қаржыларынан тек ғана 2025-финанслық жыл даўамында пайдаланылады ҳәм олар келеси финанслық жылға өткерилмейди.

2025-жыл ушын Өзбекстанның консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилигиниң шекленген муғдары жалпы ишки өнимниң 3 проценти муғдарында белгиленди.

2025-жыл ушын төмендегилер тастыйықланды:

мүлкти ижараға бериўши физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын белгиленген ижара төлеминиң ең кем ставкалары;

товарлардың айырым түрлери менен усақлап саўда етиў ҳуқықы ушын жыйымлардың шекленген ставкалары;

сырт мәмлекетлердиң автотранспорт қуралларының Өзбекстанға кирип келиўи ҳәм оның аймағы арқалы транзити ушын жыйымлардың ставкалары.

Нызам 2025-жыл 1-январьдан баслап күшке киреди.