Соңғы 10 жылда туберкулёздан наўқасланыў ҳәм өлим сәйкес түрде 1,5 ҳәм 15 есеге азайған. Халықаралық стандартлар тийкарында ерте диагноз қойыў ҳәм емлеў нәтийжесинде 135 мыңнан аслам адамның өмири сақлап қалынды.
2025-жылдың жуўмақларына бола, кеселлениў көрсеткиши 100 мың халыққа 33 ти, өлим көрсеткиши 0,8 ти қурады. 2024-жылға салыстырғанда кеселлениў 3,5 процентке азайған, өлимшилик дәрежеси турақлы болып қалған.
2025-жылы биринши мәрте анықланған туберкулёз бенен аўырған наўқасларды емлеў нәтийжелилиги 92,7% ти қурады.
Дәрилерге шыдамлы туберкулёз бенен кеселленген наўқасларды емлеў нәтийжелилиги 86,9 процентке жетип, 2024-жылға салыстырғанда 10,2 процентке артқан. Алты ҳәм тоғыз айлық қысқа емлеў схемалары толық әмелиятқа енгизилди.
2025-жылы қәўип топарындағы халықтың 95,4 проценти медициналық тексериўден өткерилген. Нәтийжеде 485 жасы үлкен, 761 балада туберкулёз кеселлиги анықланып, олар толық емленди.
Туберкулёз кеселлигине шалыныў қәўпи бар балалар арасында 1 мың 501 наўқас анықланып, олардың барлығы профилактикалық емленди.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде 2025-жылдың жуўмағы бойынша кеселлениў көрсеткиши ҳәр 100 мың халыққа 33 жағдайды қураған (жоба - 34 жағдай), анықланған 14 мыңнан аслам наўқас сапалы дәри-дәрмақ ҳәм толық емлеў курсын алған.