Ушырасыўда ИРВ баслығының орынбасары Акрам Алиев те қатнасты. Тәреплер бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайын додалап, Өзбекстан ҳәм АРБ арасындағы шерикликтиң 30 жыллығын атап өтип, бирге ислесиўдиң келеси бағдарларын белгилеп алды.
Бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны, транспорт, энергетика, суў тәмийнаты, билимлендириў, жеке меншик секторды раўажландырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў сыяқлы кең көлемли тараўларды өз ишине алғаны атап өтилди. Өзбекстан тәрепи АРБға халықтың турмыс сапасын арттырыўға қаратылған реформалар ҳәм жойбарларды әмелге асырыўға қосып атырған үлеси ушын миннетдаршылық билдирди.
2026-жыл май айында Самарқандта болып өтетуғын Азия раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң 59-жыллық мәжилисине таярлық жумысларына айрықша итибар қаратылды. Таярлықларды муўапықластырыў ушын биргеликтеги "жол картасы"н қәлиплестириў усыныс етилди.
Тәреплер, сондай-ақ, финанслық механизмлерди кеңейтиў, экономикалық зоналардың инфраструктурасын раўажландырыў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың бәнтлигин қоллап-қуўатлаў, экспортқа қолайлы кәрханаларды хошаметлеў, жеке меншик сектордың ролин күшейтиў сыяқлы орта мүддетли басламаларды додалады. Буннан тысқары, 2026-2030-жылларға мөлшерленген жаңа Өзбекстан-АБР шериклик бағдарламасын таярлаў мәселеси көрип шығылды.
Ушырасыў жуўмағында "Орта билимлендириўде STEM" жойбары шеңберинде 100 миллион долларлық кредит шәртнамасына қол қойылды. Қаржылар Өзбекстан мектеплеринде STEM-билимлендириўди модернизациялаў ҳәм раўажландырыўға бағдарланады.







