Атап өтилиўинше, Ташкент қаласында шөлкемлестирилген беллесиўлерде дүньяның 13 мәмлекетинен (Саудия Арабстаны, Түркия, Әзербайжан, Монголия, Беларус, Въетнам, Россия, Грузия, Ҳиндстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан) келген және Өзбекстан ўәкиллеринен ибарат жәми 115 (28 команда) оқыўшы-жаслар қатнасты.
Жуўмақлаўшы нәтийжелерге бола, улыўма есапта 69 (12 алтын, 24 гүмис, 33 бронза) қатнасыўшы оқыўшы түрли дәрежедеги медаллар менен сыйлықланды.
Өзбекстанлы оқыўшылар 19 (6 алтын, 8 гүмис, 5 бронза) медаль менен усы халықаралық олимпиаданың жеке жетекши командасына айланды.
Мағлыўмат ушын: бул олимпиада биринши мәрте 2023-жылы Хийўа қаласында өткерилген ҳәм онда 15 мәмлекеттен келген және Өзбекстан ўәкиллеринен ибарат жәми 130 дан аслам оқыўшы-жаслар қатнасқан. Онда Өзбекстан ўәкиллери улыўма есапта 15 (3 алтын, 8 гүмис, 4 бронза) медаль менен сыйлықланған еди.